Бул ҳаққында Бюджеттен тысқары Пенсия қоры баспасөз хызмети хабар берди.
Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен 1-3-сентябрь дем алыс күнлерине туўра келмекте.
Пенсия қоры хабарына бола, елимиздеги кексе жастағы пуқараларды, пенсия алыўшыларды, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў ҳәм байрамды көтериңки руўхта күтип алыўын тәмийинлеў мақсетинде, пенсия төлемлерин банк пластик картасында алатуғын пуқаралардың быйылғы сентябрь айы ушын пенсия төлемлери 1-сентябрь күнине шекем олардың банк пластик карталарына өткерип бериледи.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалар муғдарын арттырыў ҳаққында»ғы Пәрманы (ПП-108-санлы) на муўапық, быйылғы сентябрь айындағы пенсияларының муғдары 15 процентке арттырылған ҳалда төлениўи тәмийинленеди.
Нақ пул түринде пенсия алыўшыларға төлемлер 4-сентябрь күнинен баслап Халық банки көшпели кассалары тәрпинен графикке муўапық әмелге асырылады.
ӨзА