«Дипломатиялық ракурс» жойбарының гезектеги мийманы Оман Султанлығының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық-хуқықлы елшиси Вафо бинт Жабр Носир Ал-Бусаидий ханым Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен қутлықлаў жоллады.
– Бәринен бурын, ҳәр жылы 1-сентябрь сәнесинде кеңнен белгиленетуғын Өзбекстан ғәрезсизлиги байрамы мүнәсибети менен Уллы Мәртебели Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығындағы Республика ҳүкимети ҳәм халқына шын жүректен қутлықлаў, жақсы тилеклер жоллаўдан оғада қуўанышлы екенимди билдиремен.
Бүгин Ғәрезсизликке 33 жыл толар екен, барлық тараўда кең көлемли өсиў бар екенлигине гүўамыз. Өзбекстан – Оман қатнасықлары да соңғы жылларда сезилерли дәрежеде беккемленбекте.
Еки дос мәмлекет арасындағы қатнасықлар және де раўажланатуғынына үмит етемиз.
Ғәрезсиз Өзбекстанға және де жоқары раўажланыў, турақлы абаданлық тилеймиз.
Муҳарамма Пирматова жазып алды. Дониёр Ёқубов, Анвархўжа Аҳмедов (видео), ӨзА