Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтпекте. Онда дәслеп «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен исбилермен» ҳүрметли атағын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы нызам жойбары көрип шығылды.
Нызам жойбарында ҳәр қыйлы тараўларда жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған бизнес ўәкиллерин сыйлықлаў системасын енгизиў мақсетинде өз алдына мәмлекетлик сыйлықты шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта. Соның ишинде, нызам жойбары менен «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен исбилермен» ҳүрметли атағын шөлкемлестириў ҳәм нызам ҳүжжетлеринде оның ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, «Өзбекстан Республикасының ҳүрметли атақларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ҳәм «Мәмлекетлик сыйлықлар ҳаққында»ғы нызамларға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў белгиленбекте.
Нызам жойбарының қабыл етилиўи жаңа жумыс орынларын жаратыў, инновацияларды енгизиў, экспорт етиў ҳәм жетик қәнигелер таярлаўда ҳәммеге үлги болатуғын ҳәм жәмийетимиз турмысының ҳәр қыйлы тараўларында жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған бизнес ўәкиллерин системалы сыйлықлаў имканиятын береди. Соның менен бирге, бул атақты шөлкемлестириў арқалы исбилерменлердиң мәмлекетимиз раўажланыўына қосып атырған үлесине итибарды қаратыў ҳәм баҳалаў, үлкен жетискенликлерге ерискен ҳәм жәмийеттиң социаллық машқалаларын шешиўде белсене қатнасып атырған исбилерменлерди анықлаў ҳәм оларды сыйлықлаў, халықты, әсиресе, жасларды исбилерменликке кеңнен тартыў ҳәм бизнеске қызығыўшылықты жоқарылатыў мақсетине ерисиледи.
Мәжилисте бул нызам жойбары бойынша депутатлар, фракция ўәкиллери өзиниң пикир-усынысларын билдирип, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен исбилермен» ҳүрметли атағы шөлкемлестирилиўиниң әҳмийетин атап өтти.
Нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.
М.Комилова, ӨзА