Ҳәр жылы елимиздиң ғәрезсизликке ерискен күни байрамы алдында «Жалғызсаң сен, муқаддес Ўатан!» таңлаўын өткериў дәстүрге айланған.

Минекей, усы мүнәсибет пенен 17-июль күни пайтахтымыздағы 22-санлы балалар ҳәм музыка көркем өнер мектебинде таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Таңлаўдың қалалық ҳәм районлық басқышларына жәми 400 ге шамалас талант ийелери қатнасып, соннан 45 жас талант ийеси өзиниң атқарыўшылық шеберлиги менен республикалық басқышқа жетип келди.

Таңлаўда қатнасыўшылар тәрепинен миллий қәдириятларымызды, тыныш ҳәм парахат турмысымызды, халқымыздың дөретиўшилик қәсийетлерин, сулыў тәбиятын, елимиз келбетин, ғәрезсизлик жылларында ерискен жетискенликлерди сөз ететуғын, жаслардың жүрегинде Ўатан туйғысын оятатуғын, олардың арзыў-нийетлерин сәўлелендиретуғын жаңа қосықлар, намалар  жаңлады.

Таңлаў  тәжирийбели төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.

Таңлаў жуўмағында Әмиўдәрьялы Шахноза Матсапаева «Ўатан» (Қ.Таңирбергенов сөзи, О.Аллабергенов намасы) қосығы менен, елликқалалы Элёрбек Исмайилов «Ўатан» (Т.Қаллиев сөзи, А.Пахратдинов намасы) қосығы менен биринши орын жеңимпазы деп табылып,  таңлаўдың жуўмақлаўшы Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.

Сондай-ақ, Қанлыкөлден Б.Базарбаев екинши, Нөкистен Р.Насуруллаев, Қараөзектен Р.Базарбаев, қоңыраттан З.Нуратдиновлар үшинши орынды ийеледи.

Таңлаў жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом менен сыйлықланды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы