Қарар (296-санлы, 21.08.2024-ж) менен Президенттиң айырым қарарларына өзгерислер киргизилди.
Қарарға бола, Ишки ислеп уйымларында хызметти өтеў тәртиби ҳаққындағы режеге өзгерис киргизилип, арнаўлы дәрежеде хызмет өтеў мүддетлериниң айырымлары төмендегише белгиленеди:
– «үлкен лейтенант» – 3 жыл;
– «капитан» – 4 жыл;
– «майор» – 5 жыл;
– «подполковник» – 6 жыл.
Сондай-ақ, Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларында хызметти өтеў ҳаққындағы режеге өзгерис киргизилип, арнаўлы дәрежеде хызмет өтеў мүддетлериниң айырымлары төмендегише белгиленеди:
– «бажыхана хызмети үлкен лейтенанты» – 3 жыл;
– «бажыхана хызмети капитаны» – 4 жыл;
– «бажыхана хызмети майоры» – 5 жыл;
– «бажыхана хызмети подполковниги» – 6 жыл.
Буннан тысқары, Пуқаралардың әскерий хызметти өтеў тәртиби ҳаққындағы режеге киргизилген өзгериске бола, әскерий хызметкерлер ушын әскерий дәрежелердеги хызмет мүддетлериниң айырымлары төмендегише белгиленеди:
– «үлкен лейтенант» әскерий дәрежесинде – 3 жыл;
– «капитан» әскерий дәрежесинде – 4 жыл;
– «майор» әскерий дәрежесинде – 5 жыл;
– «подполковник» әскерий дәрежесинде – 6 жыл».
Соның менен бирге, Миллий гвардия хызметкерлериниң хызметти өтеў тәртиби ҳаққындағы режеге өзгерис киргизилип, арнаўлы дәрежеде хызмет өтеў мүддетлериниң айырымлары төмендегише белгиленеди:
– «үлкен лейтенант» – 3 жыл;
– «капитан» – 4 жыл;
– «майор» – 5 жыл;
– «подполковник» – 6 жыл».
Қарақалпақстан хабар агентлиги