Мүнәсибет
Мен Кегейли районындағы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйынында тураман. Ҳәзирги күнде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының сыртқы бөлими Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 4-курс студентимен. Усы күнге шекем «Мәнзилсиз хатлар», ҳәм «Сени жойтаман» атамасындағы қосықлар топламым шықты. Сондай-ақ, Республикалық жас дөретиўшилериниң Замин семинарының 2022-жылғы қатнасыўшысыман. 2023-жылы «Толғаныс пасылы» атамасындағы қосықлар топламым Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының «Биринши китабым» жойбары тийкарында 5000 нусқада баспадан шықты. Бул мәмлекетимизде дөретиўшилик пенен шуғылланыўшы биз жасларды қоллап-қуўатлаў ушын жаратылған имканиятлардың бир көриниси есапланады.
Елимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, оларға оқыўда, спортта, исбилерменлик пенен шуғылланып өз бизнеслерин жолға қойыў ҳәм ҳәр қандай тараўда жетискенликлерге ерисиўинде барлық имканиятлар жаратылмақта. Сондай-ақ кем тәмийинленген ҳәм ата-аналарынан айырылған жаслар ушын шөлкемлестирилген «Жаслар дәптери» деги дизимде турған жаслар ушын да кең көлемде жәрдемлер берилип, олар турақ жайлар менен тәмийинленип атырғанлығы да Президентимиздиң аталарша ғамқорлығы тийкарында әмелге асырылмақта. Әсиресе, жоқары оқыў орынларына тапсырған абитурентлерге қосымша квоталардың берилиўи де республика жаслары ушын қуўанышлы демлерди инам етип, билим алыўлары ушын имканиятлар есиклерин ашпақта.
Ҳүрметли Президентимиздиң 19-20-август күнги елимизге болған сапары даўамында ел басшымыз бенен ушырасыў бир қатар жаслар қатарында маған да несип етти. Президентимиздиң биз жаслар менен болған сәўбети менде өзгеше тәсир қалдырды. Ҳәр биримизге болған итибары, жағдайымыз бенен қызығыўы болса, өз алдына бир қуўаныш. Гүзде үйлениўге таярланып атырман деген ўақтымда Президентимиз «тойың Жаслар ислери агентлиги есабынан өткерилип бериледи ҳәм тойыңа Президент саўғасы келеди»,- дегени күтилмеген қуўанышлы ўақыя болды. Ҳақыйқатында да, мен бундай болыўын күтпеген едим. Президентимиздиң биз жасларға деген итибарынан шексиз миннетдарман ҳәм алдағы ўақытлары бул исенимди елимиздиң раўажланыўы жолында өз үлесим менен ақлаўға ҳәрекет етемен.
Абдирахман Қойлыбаев, Кегейли районы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.