Мәмлекетимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың белсендилигин арттырыў, сондай-ақ,  кем тәмийинленген ҳәм ата-анасынан айырылған жасларға жәрдем көрсетиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып келинбекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ  25-октябрдеги  «Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып  Хожели районында жасаўшы Камшат  Абдреймоваға райондағы  “Муртазабий” мәҳәллесинде жайласқан көп қабатлы имаратлардың биринен турақ жай берилип, күнделикли турмыслық буйымлар менен тәмийинленди.

Усы жайдың гилтин салтанатлы түрде тапсырыў мәресимине район ҳәкиминиң орынбасары Х.Халмуратов, “Инсан” социаллық хызметлер орайы директоры З.Хожамуратова ҳәм Миллий гвардия районлық бөлиминиң баслығы Ж.Мамутовлар қатнасып, өзлериниң жақсы тилеклерин билдирди. Ҳақыйқатында да, жасларымыз ҳәмийше Президентимиздиң  нәзеринде болып, оларға ҳәр тәреплеме ғамқорлықлар көрсетилип келинбекте. Камшатқа көрсетилген ғамқорлық усы пикиримиздиң және бир көриниси болды.

        Қарақалпақстан хабар агентлиги