20-август күни мәмлекетимизде Исбилерменлер күни мүнәсибети менен, Өзбекстан Республикасы Туризм комитетиниң баслығы Умид Шодиев Нөкис қаласында туризм тараўында жумыс ислеп атырған бир қатар исбилерменлер менен ушырасты.
Илаж даўамында Қарақалпақстанда туризм тараўының раўажланыўына үлкен үлесин қосып киятырған көп жыллық тәжирийбеге ийе исбилерменлер -“AYAZ YURT” туристлик кәрханасының тийкарын салыўшысы Дилбар Каримбердиева, “TAZABAY GRAND SERVIS” ҳәм “ARAL SEA DISCOVERY” туристлик кәрханаларының тийкарын салыўшысы Тазабай Утеулиев, “Qaldirg’och – Mavlyuda” туристлик кәрханасының тийкарын салыўшысы Мавлюда Ембергенова ҳәм “DAMIR Hotel” мийманханасының тийкарын салыўшысы Айгүл Тасбаеваға “Туризм пидайысы” көкирек белгиси тапсырылды.
Илаж қатнасыўшылары елимизде туризм тараўын раўажландырыў ушын жаратылып атырған имканиятлар, соның ишинде, республикамызда бул тараў жеделлик пенен раўажланып атырғанлығы ҳаққында сөз етип, исбилерменлер алдағы ўақытлары тараўдың жумысларын жетилистириўде және де өз үлесин қосатуғынлығын айтып өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги