Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде «Өзбекстан Республикасы  пуқаралары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың жасаў орны бойынша дизимнен өтиўи ҳәм турақ жайы бойынша хабардар етиўи тәртиби ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди.

Бул нызам жойбары менен «Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыныўы зәрүр болған шахслар – Өзбекстан Республикасы пуқаралары категорияларының дизими ҳаққында»ғы Нызам бийкар етилип, республика бойынша пуқаралардың жасаў орны бойынша дизимнен өтиўиниң бирден-бир тәртиби енгизиледи, сондай-ақ, ўақтынша турған орны бойынша дизимнен өтиў тәртибин жетилистирген ҳалда турақ жай бойынша хабардар етиў системасы әмелиятқа енгизиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги