Бүгин, яғный 21-август күни Орайлық Сайлаў комиссиясының Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў менен байланыслы гезектеги мәжилиси болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Сайлаў комиссиясы баслығы З.Камалов ҳәм сайлаў комиссиясының ағзалары видеоконференц байланыс тәризинде қатнасты.

Мәжилисте атап өтилгениндей, усы жылдың 16-август күни Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясынан, 17-август күни болса, Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан ҳәм Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан сайлаўда қатнасыўға рухсат бериў бойынша арзалар «E-saylov» мәлимлеме системасы арқалы Орайлық сайлаў комиссиясына келип түсти.

Сиясий партиялардың арзалары усыныс етилген күнниң өзинде олардың кепилликли ўәкиллери өз партияларының сайлаўда қатнасыўын қоллап-қуўатлайтуғын сайлаўшылардың қолтаңбасы қойылған қолтаңба қағазларын Орайлық сайлаў комиссиясына тапсырды.

Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен қолтаңба қағазларын тексериў бойынша Әдиллик министрлиги жанындағы Хадича Сулаймонова атындағы Республика суд экспертизасы орайының маман қәнигелери, ИИМ Эксперт-криминалистика бас орайы ҳәм төменги система экспертлери, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм пуқаралық жәмийети институты ўәкиллеринен қуралған жәми 33 экспертлер топары дүзилип, олар усыныс етилген қолтаңба қағазларының дурыс толтырғанлығын сайлаў нызамшылығына муўапық үйренип шықты.

Үйрениў нәтийжелерине бола ҳәр бир сиясий партия 40 мыңнан аслам ҳақыйқый қолтаңба топлаўға ерискени анықланды.

Сайлаў кодексиниң 69-статьясына муўапық, сайлаўда қатнасыўшы партиялар дизими арзалардың келип түсиўи гезеги тәртибинде орайлық баспасөзде жәрияланады. Соған бола, сиясий партиялардан ҳүжжетлердиң келип түсиўи гезегине тийкарланып төмендеги избе-изликте сиясий партиялар Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатларды сайлаўда қатнасыўға рухсат бериў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Биринши, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясына;

Екинши, Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясына;

Үшинши, Өзбекстан Экологиялық партиясына;

Төртинши, Өзбекстан Халық демократиялық партиясына;

Бесинши, Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясына.

Мәлим болғанындай, Сайлаў кодексиниң 31-статьясына тийкарланып Нызамшылық палатасы депутатларының бирден-бир сайлаў округи бойынша сайлаўында сайлаў бюллетенине онда қатнасып атырған сиясий партиялардың аты, рәмзий белгиси олардың сайлаўда қатнасыўы ушын рухсат берилген гезегине муўапық избе-изликте киргизиледи.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси тамамланғаннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығы З. Камалов тәрепинен сайлаўды өткериў бойынша тастыйықланған Календар режеге муўапық, белгиленген илажларды әмелге асырыў бойынша сайлаў комиссиясы ағзаларына тийисли тапсырмалар берилди.

 

 Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы

 Баспасөз хызмети

Қарақалпақстан хабар агентлиги