Усы жыл 21-август күни Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси болып өтти. Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Камалов ашты ҳәм басқарып барды.
Мәжилис күн тәртибинде Орайлық сайлаў комиссиясына усынылған қолтаңба бланклериниң дурыс толтырылғанлығы бойынша үйрениў жумысларының жуўмағы ҳәм сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўына рухсат бериў мәселеси көрип шығылды.
Қарақалпақстан Республикасы «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамының 39-статьясында қолтаңба бланклери дурыс толтырылғанлығын Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тексериў тәртиби белгиленген.
Қолтаңба бланклери Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 1-августтағы 53-санлы «Қолтаңба бланклериниң дурыс толтырылғанлығын тексеретуғын эксперт топарын дүзиў ҳаққында»ғы қарары менен дүзилген Эксперт топары тәрепинен толық үйренип шығылды.
Үйрениў жуўмақлары бойынша сиясий партиялардың Қарақалпақстан Республикасы аймақлық кеңеслери ўәкилликли ўәкиллери тәрепинен усынылған қолтаңба бланклериниң дурыс толтырылғанлығы атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында сиясий партиялардың аймақлық кеңеслерине сайлаўда қатнасыўға рухсат берилди ҳәм бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қарары қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының
Баспасөз орайы
Қарақалпақстан хабар агентлиги