«Исбилермен ҳаял-2024» таңлаўының районлық басқышлары даўам етпекте.

Мойнақ районында да ӨзЛиДеПтиң районлық Кеңеси ҳәм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте «Исбилермен ҳаял-2024» таңлаўының районлық басқышы болып өтти.

Онда атап өтилгениндей, бундай таңлаўлардың өткерилиўи районда ҳаял-қызлар арасында исбилерменликти жолға қойыў ҳәм раўажландырыўға үлкен түртки бермекте.

Таңлаўға райондағы барлық пуқаралар жыйынларынан исбилермен ҳаял-қызлар белсене қатнасып, соннан «Таллы өзек» мәҳәллесинен өнермент ҳаял Гүлчеҳра Сапарниязова Қарақалпақстан Республикасы басқышына қатнасыў ушын мүнәсип деп табылып, жолламаны қолға киргизди.

«Исбилермен ҳаял-2024» таңлаўы қатнасыўшылары Мойнақ районы ӨзЛиДеП кеңеси тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги