Айырым адамлар жаздың күнлери шербетлер ҳәм мийўели ишимликлер менен шөлди қандырыўды жақсы көреди. Ал, базылар болса күнниң ыссысына қарамастан ыссы көк чай ишиўге әдетленген. Қызықлы тәрепи сонда, көп жағдайларда ишимликтиң температурасынан көре оның составындағы өзгешелиги себепли көбирек терлеймиз.
Мысал ушын кофе, қара чай, мазалы газли ишимликлер, энергетиклер ҳәм какао сыяқлы ишимликлерди келтириўимиз мүмкин. Олардағы кофеин организмге өзине сай тәсир көрсетеди.
Кофеин табийғый химиялық бирикпе болып, қолланыўы қадаған етилген элементлер менен жақын уқсаслыққа ийе. Бул алкалоид орайлық нерв системасының исин жеделлестиретуғын стимулятор есапланады. Ол нерв системасындағы көплеген процесслерди хошаметлейди, оның менен бирге денедеги термогенез көрсеткишин арттырады. Бул болса өз гезегинде артықша терлеўге алып келеди.
Терморегуляция бул ыссылық ислеп шығарыўы ҳәм оны денеге тарқатыў процесслерин тәртипке салыўдан ибарат болған процесс есапланады. Кофеин организмде артықша ыссылық пайда болыўға алып келеди, нәтийжеде физиологиялық процесслерди тәртипке салыўшы ҳәм тәбийбий термостат ўазыйпасын атқарыўшы гипоталамуста белгиленген температура дәрежеси арта баслайды. Соң мийдиң усы бөлими дене жүдә ысып кеткени ҳаққында ескерте баслайды ҳәм симпатиялық нерв системасын жеделлестиреди. Ақыр-ақыбетинде бул терлеў ҳәм тамырлардың кеңейиўи сыяқлы физиологиялық өзгерислерге алып келеди. Бул процесс әсиресе, гипергидроз диагнозы қойылған адамлар ушын қәўипли есапланады. Усы кеселлик артықша терлеў ҳәм терморегуляция процесиниң бузылыўы менен өтеди. Бундай жағдайда әллеқашан артықша терлеўден қыйналатуғын шахслар ушын кофеин кадаған етилген өним есапланады.
Кофеинниң басқа зыянлы тәреплери де бар. Бул өним үлкен дозаларда қабыл етилгенде ҳәдден тысқары тәшўишлениў, басқарыў қыйын өтетуғын қалтыраў, жүректиң тез урыўы ҳәм қан басымының асыўына алып келиўи мүмкин. Сондай-ақ, кофеинли ишимликлерди турақлы ишип жүриў калций, магний ҳәм калий сыяқлы керекли элементлердиң денеге сорылыўына тосқынлық етеди ҳәм организмнен жуўып шығарады.
Соның менен бирге, кофеинниң абзаллық тәреплери де бар:
- Асқазан –ишек трактин жақсылаўға жәрдем береди;
- Шаршаўды қалдырады;
- Дыққатты арттырады;
- Ақылый ҳәм физикалық белсендиликти хошаметлейди;
- Кейпиятты көтереди.
- Өзиниң бир неше пайдалы тәреплерине қарамастан, кофеинди жаздың күнлеринде мөлшерден артық қабыл етиўге болмайды.
Кофеинли ишимликлердиң максимал руқсат етилген дәрежеси күнине 150 мг ны қурайды.
Кофеинли ишимликлер пайдаланғанда улыўма жағдайыңызды бақлап барыў, уйқы сыпатына әҳмийет бериў лазым. егер аўҳалыңыз жаманласқанын сезсеңиз, кофеден ўақтынша бас кешиў ҳәм оның орнына түрли чайлардан ишиўиңиз мүмкин.
Интернет материаллары тийкарында таярланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги