Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-декабрьдеги «Жер асты суў ресурсларын қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәртипке салыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамыз көлеминде суў машқаласын шешиўдиң альтернатив жолларын ислеп шығыў ҳәм суў жетип бармайтуғын аймақлардың суўғарыў системасын жақсылаў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта,-деп хабар бермекте Аралды қутқарыў халықаралық қоры атқарыў комитети Нөкис филиалы мәлимлеме хызмети.

️Республикамыз климатының өзгериўи ҳәм суў ресурсларының жетиспеўшилиги нәтийжесинде экологиялық машқалалар жүзеге келип, инсан саламатлығы ҳәм қоршаған орталыққа кери тәсир көрсетпекте.

Сонлықтан да,  қурғақшыл аймақ болған Карақалпақстан шараятында жасыл тәбиятты сақлап қалыў ҳәм оларды көбейтиў илажлары көрилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басшылары тәрепинен усы жылдың 4-апрель күни болып өткен  мәжилисте  Шымбай районының  абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў майданларын суўғарыўды жақсылаў бойынша арнаўлы тапсырма берилген еди.

Өткерилген мәжилис протоколына муўапық, Шымбай районы аймағында  жер асты суўларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы егилген терек ҳәм путақ нәллерин суўғарыў системасын жолға қойыў бағдарындағы жумыслар баслап жиберилди.  Бул жойбарды әмелге асырыў ушын Аралды қутқарыў халықаралық қоры атқарыў комитети Нөкис филиалы тәрепинен 300 миллион сум қаржы ажыратылды.

Усы ажыратылған қаржылар есабынан Аралбойы дала гидрология экспедициясы тәрепинен Шымбай районы аймағының жер асты суўларының жарамлылығы үйренилип, соң  20-25 метр тереңликтен жер асты қудықлары қазылды. Жер асты қудықларынан суў шығарыў ушын қуўатлылығы 320-350 вольт болған электр насослар орнатылды. Электр насосларына  энергия тәмийнатының  жеткерилип берилиўин жақсылаў мақсетинде 15 дана қуяш панельлери орнатылды.

Нәтийжеде Нөкис–Шымбай-Қараөзек-Тахтакөпир гүзар жолының 22-километри аралығындағы 15 гектарлық майданға  егилген терек ҳәм путақ нәллерин суўғарыў ушын алтернатив энергия арқалы пайдаланылатуғын жер асты суўларынан пайдаланыў имканияты жаратылды. Жойбар шеңбериндеги жумысларды  нәтийжели әмелге асырыў ушын Нөкис қаласы Абаданластырыў басқармасы, Аралбойы дала гидрология экспедициясы қәнигелери тәрепинен жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги