Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы жергиликли тренерлер ушын оқыў семинар болып өтти,-де хабар бермекте университеттиң баспасөз хызмети.

Усы жылдың 12-14-август күнлери Ташкент қаласындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында «Сайлаў комиссиялары ағзаларының маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў ҳаққында”ғы концепциясы тийкарында республикамыздағы жетекши жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшыларынан дүзилген тренерлер ушын 3 күнлик оқыў-семинарлары шөлкемлестирилген еди. Бул оқыў семинарда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймовтың басшылығында университеттиң Юридика факультети профессор-оқытыўшылары  қатнасып, өз билимлерин жетилистирди.

Усы тийкарда 19-август күнинен баслап, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслерге депутатларды сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы жергиликли тренерлер ушын 3 күнлик оқыў әмелий семинарлар баслап жиберилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы М.Утепбергенов ҳәм жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшыларынан дүзилген тәжирийбели тренерлер қатнаспақта.

Семинарда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов шығып сөйлеп, сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў ашық-айдынлық принциплери тийкарында әмелге асырылатуғынлығы, сондай-ақ, сайлаў процеси қатнасыўшылары ҳәм жергиликли тренерлердиң ҳуқықый билимин беккемлеў оғада әҳмийетли екенлигин айтып, семинар қатнасыўшыларына кең түрде мағлыўматлар берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги