19-август күни түнде, саат 23:26 дан баслап 2024-жылдың биринши супер Ай ҳәдийсеси басланды.

Бул ўақытта Ай әдеттегиден 14 процент үлкенирек ҳәм 30 процент жақтылаў көринди. Себеби Ай ҳәм Жер арасындағы аралық қысқарып, 361 969 километрди қурады.

Шенде-шен  бақланатуғын жағдай – Ай көк түрге енди, бул вулкан атылыўынан пайда болған шаңлар менен байланыслы.

Быйылғы жылы  супер Ай ҳәдийселеринен және үшеўи жүз береди: 18-сентябрь, 17-октябрь ҳәм 15-ноябрьде

Қарақалпақстан хабар агентлиги