2004-жыл август айының 13 сәнесинде елимизге куўанышлы хабар келди, усы куни БМШ Бас Ассамблеясы – Өзбекстан мәмлекети тәрепинен усыныс етилген және бир әхмийетли резолюция қабыл етти. Бул резолюция «Деградацияға ушыраған ҳәм қурғакшылық аймақларда турақлы тоғайлықлар пайда етиў, терек егиў ҳәм оларды үгит нәсиятлаў– экологиялық машқалаларға қарсы гүрестиң натийжели шешими» мәсеселесине арналды. Резолюцияны ислеп шығыўда 102 мәмлекет қатнасты. Бас Ассамблеяда Өзбекстанның басламасы бир аўыздан қоллап қуўатланды. Резолюцияның мазмунында, онда көрсетилген машқала лар, оны шешиўдиң жоллары, ажыратылатугын ресурслар ҳәм каржылар, инновациялық усылларды пайдаланыў, халық аралық бирге ислесиў ҳәм басқа әҳмийетли мәселердиң тийкарында ҳүрметли Президентимиздиң БМШ Бас Ассамблеясының 78 – сессиясында сондай ақ, оның 28 – конференциясында “Климат өзгериўине ҳәм жерлердиң деградациясына қарсы нәтийжели гүресиў” бойынша билдирген пикир, усыныслары орын алган.
Ҳақыйқаттан да Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясының усы 78 – сессиясында бәршениң итибарын қаратып, бүгинги күни дүньяда болып атырған кескин экологиялық жағдайда, дүньяда үш кризис, яғный климаттың өзгериўи, био-көптүрлиликтиң жоғалыўы ҳәм қоршаған орталықтың патасланыўы күшейип баратырғанын атап өтип, Орайлык Азия климат өзгериўи алдында илажсыз жағдайлардағы аймақлардың бирине айланып баратырғанын көрсетип өткен еди.
Жокарыда айтып өткенимиздей, Резолюцияны ислеп шығыўда елимизде 2021-жылы басланған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарының табыслы әмелге асырылыўындағы тәжирийбе, сондай ақ, Арал апатшылығының аўыр ақыбетлерин сапластырыўда 2018-жылы басланған ғалабалық түрде Арал теңизиниң қурыған түбинде жасыл қапламалар, тоғайлықлар пайда етиў бойынша бай тәжрийбе итибарға алынды.
Президентимиздиң басламасы менен “Жасыл мәкан” жойбары бағдарламасы концепциясы тийкарында ҳәр жылы гүзли – бәҳәр “әҳмийетли 40 күнлик” белгиленип, пүткил халкымыздың катнасыўында 200 миллионнан артық терек егилип атырғанын атап өтиў керек. Бес жылда олардың санын 1 миллиардқа жеткериў нәзерде тутылған.
Және Өзбекстан тәжрийбесин айтатуғын болсақ, Арал тенизиниң қурыған түбине ҳәр жылы қақаман суўық қыс айларында 100 мың гектардан артық сексеўил, жынғыл, қарабарақ, қәндим ҳ.т.б шөлге шыдамлы терек ҳәм путалардың егилиўи нәтийжесинде, бүгинги күни жасыл қапламлардың майданы 2 миллионға жетти.
Ҳурметли Президентимиз ҳәр дайым Қарақалпақстанға келгенде Аралбойы районлары Тахтакөпир, Бозатаў ҳәм Мойнақ районларындағы өзгерислерди, әлбетте, Арал тенизиниң қурыған түбине барып әмелге асырылған ислердиң нәтийжесин, яғный жасыл тоғай хам қапламларды көрип, рахмет айтып ендиги жағында егиўдиң инновациялық усылларын кеңнен пайдаланыў зәрүрлигин айтып өтеди.
Ҳақыйқатын айтып өтиў керек, Арал тенизиниң суўы қайтқан ултанын көриўге келген сырт елли мийманлар, олар БМШ басшылары, алымлар, инвесторлар, туристлер -сексеўил, жынғыл, қарабарақ, қәндимнинг жап жасыл болып өсип турғанын көрип ҳайран қалады. Это “Узбекское чудо”, “Ўзбек мужизаси” ягный “Өзбек кәраматы” дейди. Қандай етип дузлы, шор-қумлы, суўсыз жерде буларды өсирген екен дейди.
Әлбетте буның артында Президентимиздиң басламасы менен Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў бойынша сиясат, әлбетте халқымыздың үлкен аўызбиршилик пенен алып барған пидайы мийнети бар.
Бул машақатлы иске республикамыздың барлық ўәлаятларынан жәрдем күшлери келип 500 ден артық трактор ҳәм техникалар, механизаторлар ҳәм басқа жумысшылар келди. Егер туқым жыйнап келетуғынларды есапқа алсақ 2 мынга жакын адам бул ийгиликли иске тартылды.
Егис жумыслары майданлардың узақлығына қарап , АН-2 самолёты, делтаплан менен, жақын жерлерге механизация ҳәм қол күши менен әмелге асырылмақта.
Айтып өтиў керек, 1960 жыллардан кейин Арал теңизине Әмиўдәрьядан суўдың келиўи азайып, кейин ала улыўма тоқтатылғанлығы себепли 6,8 млн. гектар майданға ийе болган Арал тенизиниң 5,5- млн. гектар майданының суўы кайтып “Арал қум” саҳрасы пайда болды. Буның ақыбетинде теңиз түбинен ҳәр жылы 70-100 млн. тоннаға жақын дуз, қум, зәҳәрли шаң атмосфераға көтерилер еди.
Егер еслейтугын болсақ, 2018-жылдың май айында күшли дүбелей болып усы дуз, қум, зәҳәрли шаң Мойнақтан Хорезмге, ҳәттеки, Бухара ўәлаятына шекем жетти. Буның ақыбетинде мыңлаған гектер жерлер зыянланып, егисликлер набыт болды, үй ҳайўанларында аўыр кеселликлер пайда болып, айырымлары набыт болды.
Сол себепли, Президентимиздиң басламасы менен 2018-жылы бул машқала үзил-кесил қолға алынып, көрилген илажлар себепли дуз, қум, зәҳәрли шаңлардың муғдары 6 есеге азайды.
Себеби, 2 жыллық сексеўилликте самал 20 процентке шекем, 6 жыллық сексеўилликте 80 процентке шекем пәсейсе, 7 -8 жыллық сексеўилликте самал улыўма өтпей тоқтайды. Бир гектардағы 4-5 жыллық сексеўил тоғайлығы бир жылда орташа 1150 кг газди жутып, 830 кг. кислород ажыратып шығарады.
Қабыл етилген Резолюцияда тоғайларды турақлы басқарыў ҳәм терек егиўдиң экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық абзаллықлары ҳәр тәреплеме көрсетип өтилди.
Ҳакыйқаттан да экологиялық машқалалардың шешилиўи белгили дәрежеде “Турақлы раўажланыў мақсетлери”не ерисиўде, кәмбағаллықтың қысқарыўына ҳәм азық аўқат қәўипсизлигиниң тәмийинлениўине унамлы тәсир етеди.
Соңғы жети жылда Өзбекстан мәмлекетиниң усынысы менен БМШ та 10нан артық резолюция қабыл етилгенин айрықша атап өтиў керек. Сондай-ақ, усы жылдың февраль айында Өзбекстанның басламасы менен қабыл етилген ”2027 жыл – Халық аралық турақлы ҳәм жасаўшан туризм жылы” резолюциясы бир аўыздан қабыл етилди. Резолюцияда басқа мәселелер менен бирге, экология, био-көптүрлиликти сақлаў ҳәм атмосфераның патасланыўын азайтыў жолында “жасыл” туризмди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылған.
Б.Матмуратов,
Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери
ҳәм экология комитети баслығы орынбасары.
Қарақалпақстан хабар агентлиги