Усы жыл 9-13-июль күнлери аралығында Ташкент қаласында өткерилген республикалық қуўыршақ театрының дәстүрий XI таңлаў фестивалында Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры жәмәәти  Мурат Бегимовтың  «Қырқ қыз» спектакли менен қатнасып, спектакльди шеберлик пенен атқарып шығып, үшинши орынды ийеледи.

Спектакль биринши мәрте режиссёр Мурат Бегимов тәрепинен сахналастырылған болып, ол балаларды ана-Ўатанға, ата-анаға, туўған-туўысқанға, өз елиңе меҳир қойып, оны душпанлардан қорғаўға үйретеди.

Спектакльде актёрлардан И.Жуманазарова (Гүлайым), П.Кулимов (Аллаяр бай), Қ.Қалиллаев (Суртайша), Ш.Алламбергенов (Журын таз), У.Қазақбаев (Сарбиназ)лар ҳәм басқа да актёрлар өзлерине тапсырылған рольлерди шеберлик пенен атқарып шықты.

Спектакльде художниклерден Т.Шардеметов, М.Байгелдиев, композиторлардан Қ.Заретдинов ҳәм жыраў Б.Сырымбетовлердың мийнетлеринен пайдаланылды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы