Сенаттың 55-жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлердиң космослық кеңисликти изертлеў ҳәм пайдаланыў, соның ишинде, Ай ҳәм басқа да аспан бөлеклери (Лондон, Москва ҳәм Вашингтон, 1967-жыл 27-январь) жумыс принциплери ҳаққындағы Шәртнамаға қосылыўы ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Сенатор Дилбар Орзиева бүгинги күнде космослық ҳәрекет дүнья жәмийетшилигиниң глобалласыўы ҳәм мәлимлемелестириў процесинде әҳмиейтли орын ийелеп атырғанын атап өтти.

Дүньяның барлық жетекши ҳәм көплеген раўажланып атырған мәмлекетлери тәрепинен космослық имканияттан экономикалық, қорғаныў, техникалық, социаллық, мәдений ҳәм халықаралық мәплерди әмелге асырыў ушын пайдаланып келинбекте.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы халықаралық аренада раўажланған мәмлекетлер менен бирге ислесиў байланысларын орнатыў, беккемлеў, халықаралық ҳуқық нормаларына муўапық миллий мәплерди есапқа алған ҳалда космослық  ҳәрекетти әмелге асырыў, сондай-ақ, технологиялар трансферин жеделлестириў мақсетинде халықаралық шөлкемлерге ағза болыўы ҳәм халықаралық ҳуқық нормаларына тийкарланған ҳүжжетлерди қабыллаўы ямаса қосылыўы әҳмийетли мәселелерден бирине айланбақта.

Атап өтилгениндей, Шәртнама 1967-жылы 10-октябрьде күшке кирген ҳәм 2024-жыл жағдайына бола, оған 114 мәмлекет қосылған.

Шәртнаманың ратификацияланыўы Өзбекстанның космослық кеңисликти изертлеў ҳәм оннан пайдаланыў, космостың барлық аймақлары ҳәм аспан денелерине еркин кириў, сондай-ақ, халықаралық космослық жойбарларда, ресурслар ҳәм билимлер алмасыўында қатнасыў имканиятларын ашып береди.

Додалаў соңында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Н.Абдураимова,

ӨзА