Төрткүл районында Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, Қарақалпақстан халық шайыры Гүлистан Аннақиличева (Матёқубова)ның 70 жасқа толыўы мүнәсибети менен әдебий кеше өткерилди.
Оған кең жәмийетшилик ўәкиллери, шайырлар ҳәм жазыўшылар, илимпазлар, әдебият ықласбентлери қатнасты
Илажды Төрткүл районы ҳакими Н.Худайбергенов алып барды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қутлықлаўын оқып еситтирди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары – республикалық «Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова, «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң К.Реймов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, шайырды қызғын қутлықлап, оның өмир жолы ҳәм дөретиўшилик мийнетлерине кеңнен тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, шайыр Г.Аннақиличева (Матёқубова) шерек әсир даўамында журналист, шайыр, жәмийетлик-сиясий ғайраткер сыпатында елимизге минсиз хызмет етип келмекте. Усы күнге шекем оның дөретпелери Ташкент ҳәм Нөкис қалаларында өзбек, қарақалпақ, рус, түрк ҳәм басқа да тиллерде баспадан шыққан.
Оның шығармаларында заман руўхы, ғәрезсизлик идеялары, елимиздиң тарийхы, халқымыздың дөретиўшилик мийнетлери, әсиресе, садықлық ҳәм пидайылық, меҳир-муҳаббат пенен сәўлелендирилген.
Гүлистан Аннақиличева (Матёқубова) дөретиўшилик пенен бирге, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларды да қосып алып бармақта. Ол Төрткүл районы газетасының бас редакторы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Совети Президиумының хаткери, Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы, «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы лаўазымларында ислеген.
Ол 1984-2015-жылларда 6 шақырықта Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, 2005-2010-жылларда Өзбекстан Республикасы Нызамшылық палатасына депутат болып сайланып, парламентлик жумысын жетилистириўде үлкен тәжирийбе топлады, 2015-жылдан берли ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы.
Гүлистан Аннақиличева (Матёқубова) көплеген жаслардың меҳрибан устазы. Оның мийнет жолы ҳәм дөретиўшилиги шын мәнистеги Ўатансүйиўшилик идеялары менен суўғарылған ҳәм елдиң раўажланыўы жолындағы ийгиликли ислерге үнлес.
Илажда жаслар шайыр дөреткен қосықлардан оқыды. Сондай-ақ, көркем өнер шеберлериниң атқарыўында шайыр қосықларынан дөрелген қосықлардан дүзилген концерт бағдарламасы қойып берилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.