Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Астана қаласында өзбек халқының уллы перзенти, шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы естелигин салтанатлы түрде ашты.

Мәмлекетимиз басшысы Қасым-Жомарт Тоқаевтың Әлийшер Наўайыға естелик орнатыў басламасы ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирип, Қазақстан пайтахты орайында саўлатлы естелик қурылғаны қазақ халқының туўысқан Өзбекстанға болған терең ҳүрметиниң жарқын көриниси екенин атап өтти.

– Уллы философ ҳәм гуманист шайыр Әлийшер Наўайының дөретиўшилик мийрасы тек ғана өзбек халқына емес, ал пүткил дүньяға тийисли бийбаҳа байлық болып есапланады. Наўайы шығармалары XVI әсирде-ақ италян ҳәм немис тиллерине аўдарма исленген болса, ҳәзирги күнде дүньяның дерлик барлық тиллеринде жаңламақта. Әсирлер даўамында турмыстың өзине тән энциклопедиясы болған оның дөретиўшилиги миллионлаған инсанларды таң қалдырып, руўхландырып келмекте,-деди Өзбекстан Президенти.



Естелиги Ташкенттиң орайлық майданларынан бирин безеп турған қазақ халқының уллы перзенти, қазақ әдебиятының классик ғайраткери Абай Қунанбаев Шығыстың басқа уллы шайырлары қатарында Әлийшер Наўайыны да өзиниң устазы деп билген.

Наўайы ҳәм Абай дөретиўшилиги әдебият, дослық, муҳаббат ҳәм садықлық қосығы болып есапланады. Олардың философиялық көз қараслары миллеттиң руўхый жоқарылаўында бийбаҳа дәрек болып есапланады.

2020-жылы марҳум қазақ шайыры Несипбек Айтулы Әлийшер Наўайының ең әҳмийетли шығармасы – «Хамса»ны қазақ тилине аўдарып, басып шығарды ҳәм бул китапқа алғы сөз жеке Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев тәрепинен жазылды.


– Әлийшер Наўайы естелиги еки халық арасындағы дослық ҳәм туўысқанлық байланысларының және бир айқын белгисине айланады, оның мийрасы болса және көплеген әўладларды уллы жетискенликлерге илҳамландырады,-деди сөзиниң соңында Өзбекстан Президенти.

ӨзА