АОКАда Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги мәлимлеме хызметиниң басшысы Назокат Абдуқундузованың  қатнасыўында брифинг шөлкемлестирилди. Онда быйылғы жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине қабыллаў процесслери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Бизге белгили, усы оқыў жылынан баслап мәмлекетлик ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине қабыллаў еки басқышта – « алдын тест, соң таңлаў» принциплерине муўапық әмелге асырылмақта.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде абитуриентлер тәрепинен жоқарғы билимлендириў мәкемелерин таңлаў басқышы даўам етпекте. Абитуриентлер my.uzbmb.uz порталы арқалы 10-август күнине шекем (сол күни де) жоқары билимлендириў мәкемелери бағдарларын таңлаўлары талап етиледи. Бағдарларды белгиленген мүддетке шекем таңламаған абитуриентлер жоқары оқыў орынларына қабылланбайды.

Таңлаў процесинде абитуриенлер бесеўге шекем жоқары билимлендириў мәкемелери, билимлендириў бағдарлары ҳәм түрлери ҳәм таңлаў үстинлигин белгилеўи керек.

Егер абитуриент үстинлик сыпатында «Мәмлекетлик грант»ты таңласа, ол дәслеп мәмлекетлик грант ушын ажыратылған қабыллаў параметрлери шеңберинде, таңлаған тәлим бағдарларының қатаң избе-излиги тийкарында топлаған балы бойынша таңлаўда қатнасады. Абитуриент мәмлекетлик грант тийкарында студентликке усыныс етилмеген жағдайда, жоқарыдағы тәртип бойынша төлемли-контракт ушын ажыратылған қабыллаў параметрлери шеңберинде таңлаўда қатнасады. Яғный, абитуриенттиң балы алдын мәмлектлик грант бойынша көрип шығылады, ҳеш бирине усыныс етилмеген болса, төлемли-контаркт бойынша таңлаўда қатнасады.

Егер абитуриент «Билимлендириў бағдары»н үстинлик сыпатында таңласа, билимлендириў бағдарларының қатаң избе-излиги тийкарында топлаған балы бойынша мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында қабылланған параметрлери шеңберинде таңлаўда қатнасады.

Сондай-ақ, абитуриентлер егер мақсетли қабыллаў бар болса, оған разы екенлиги яки разы емеслиги менен билимлендириў түрлерин таңлаўы керек. Онда кеминде 1 билимлендириў бағдарын таңлаў мәжбүрий, қалған билимлендириў бағдарларын таңлаў болса өз қәлеўинде болады. Усы жерде 10-августқа шекем абитуриентлер my.uzbmb.uz  парталындағы жеке кабинетлеринде киргизген таңлаўын өзгертиў имканиятына да ийе.

Студентлердиң сапалы билим алыўы ушын әҳмийетли факторлардан бири оларды турақ жай менен тәмийинлеў мәселеси болып есапланады. 2024-2025- оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң барлық курс студентлери жатақханаларға онлайн арза жибериў имканиятларынан пайдаланыўы мүмкин. Жатақхана менен қамтып алынбаған ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында пайдаланыўы мүмкин. Жатақхана менен қамтып алынбаған ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында жасайтуғын мәмәлекетлик жоқары билимлендириў мәмкемелери студентлериниң 60 процентине айлық ижара төлеминиң бир бөлеги Өзбектсан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаплап бериледи.

Бир турақ жайда еки ҳәм оннан артық студент ижара ҳуқықы тийкарында жасаған жағдайларда, олардың барлығы ижара шәртнамасында көрсетилген болыўы шәрт. Онда талапкерлерге айлық ижара төлеминиң бир бөлеги ижара шәртнамасының суммасына қарамастан, Ташкент қаласында – базалық есаплаў муғдарының бир есеси, қалған аймақларда- базалық есаплаў муғдарының ярым есеси муғдарында төленеди.

Соңғы жылларда республикада жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыўдың артып барыўы менен бир қатарда, жатақханаларға болған талабы да артып бармақта. Ҳәзирде 112 оқыў орайында жәми 338 студентлердиң турақ жайы болып, олардың сыйымлылығы 127 мың  792 орынды қурамақта. 2024- жыл даўамында студентлердиң турақ жайларын қурыў есабынан 27  мың орын жаратыў тапсырмасы берилген. Ҳәзирги күнде  34 мың 320 орынлық 67  студентлер турақ жайын қурыў жумыслары алып барылмақта. Усы жылдың ақырына шекем Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген студентлер турақ жайлары қурылып, пайдаланыўға тапсырылады.

ӨзА