Президентимиз усы жыл 20-21-январь күнлери республикамызға сапары даўамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Өзбекистан Раўажланыў ҳәм тиклениў қорына бир ай мүддетте Шоманай районында «Шоманай меридиан» кәрханасы тәрепинен 2 гектар майданға ыссыхана шөлкемлестириў ушын 550 мың доллар, «Досмырза шарўа» фермер хожалығы тәрепинен сүтти қайта ислеў цехын иске түсириў ушын 552 мың доллар ҳәм «Фатима Караматдинова» кәрханасы тәрепинен сүтти қайта ислеў цехын иске түсириў ушын 122 мың доллар муғдарындағы кредит қаржыларын ажыратыў илажларын көриўди тапсырған еди. Бул бойынша жумыслар өз ўақтында басланып, нәтийжели даўам етпекте.

Атап айтқанда, бүгинги күнде район ҳәкимияты тәрепинен «Шоманай меридиан» кәрханасына 2 гектар жер майданы ажыратылып, Иран мәмлекетиниң «Арума европа лимитед» кәрханасы менен 400 квадрат метрлик питомник ҳәм 1,1 гектар майданға заманагөй ыссыхана қурып бериўи ушын 561 мың долларлық шәртнама дүзилди. Халық банкиниң районлық филиалы тәрепинен 500 мың доллар кредит қаржысы ажыратылды. Буннан басқа, кәрхана өз қаржысы есабынан 200 миллион сумлық қурылыс жумысларын алып барды. Ҳәзирги ўақытта иранлы қәнигелер тәрепинен баҳасы 195,7 мың долларлық үскенелер алып келинип, қурыў ҳәм орнатыў жумыслары алып барылмақта. Усы объектти 1-ноябрьге тапсырыў режелестирилген.

Ал, «Досмырза шарўа» фермер хожалығы тәрепинен бүгинги күнде белгиленген жойбарды әмелге асырыў ушын жойбар смета ҳүжжетлери ислеп шығылып, оның ушын ажыратылған 0,42 гектар майданда қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Усы жойбарды әмелге асырыў барысында жойбар баслаўшыларының усынысы менен сүтти қайта ислеў комплексиниң қурылысы ушын 1 миллиард 100 миллион сум, сүтти қайта ислеў үскенелери ушын  810 миллион сум ҳәм музлатқышлы автомашина сатып алыў ушын 90 миллион сум, жәми 2 миллиард сум муғдарындағы миллий валютада кредит алыўға жойбар баҳасына өзгерис киргизилип, ҳәзирги ўақытта Халық банки тәрепинен дәслепки 500 миллион сумлық қаржы ажыратылды. Ҳәзирги күнде усы қаржының 400 миллионлық муғдарындағы жумысы әмелге асырылған.

Сондай-ақ, «Фатима Караматдинова» жеке меншик кәрханасы тәрепинен сүтти қайта ислеў жойбарын әмелге асырыў ушын Россия Федерациясы Москва қаласының «Сфоджатек» кәрханасынан үскене алыў бойынша шәртнама дүзилмекте. Район ҳәкимлиги тәрепинен кәрхана ушын 0,20 гектар жер ажыратылып, жойбар ушын 139 мың евро муғдарындағы кредит алыў мақсетинде Халық банкиниң районлық филиалына тийисли ҳүжжетлер тапсырылып, олар тәрепинен кәрханаға 55,5 мың доллар муғдарындағы кредит ажыратып берилди.

Бүгинги күнде кәрхана тәрепинен өз қаржылары есабынан кәрхананың имараты қурып питкерилди. Усы жылдың сентябрь айында үскенелер алып келинип орнатылыўы режелестирилмекте.

Қурылыс жумыслары нәтийжели даўам етпекте.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.