Халық депутатлары Төрткүл районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының гезектеги мәжилиси болып өтти. Оған партияның районлық Кеңесиниң хызметкерлери, депутатлық топар ағзалары, жуўапкер шөлкем ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте Төрткүл районы Мәмлекетлик тоғай хожалығының баслығы А.Сабуровтың өткен 6 ай даўамында хожалық тәрепинен әмелге асырылған жумыслары бойынша есабаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, быйылғы жылдың дәслепки 6 айы даўамында Мойнақ районында сексеўил егиў жумыслары даўам етип, жыл басынан туқымнан 2 мың 972 гектар жерге сексеўил егилген. 261 мың түп нәл егилген. Буннан тысқары “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде хожалық тәрепинен район участкаларына 50 мың түп нәл егилген. Райондағы мәкемелерге бағдарлама шеңберинде 20 мың түп нәл жеткерип берилген. Тоғай хожалығы ықтыярындағы жерлерге 15 мың түп нәл тигилген ҳәм 3 гектарлық терек плантациясы пайда етилген.
Тоғай хожалығы жерлери ҳәм фермер хожалықларының ықтыярындағы жерлерге 52 мың түп тут нәллери егилип, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде АПЖ ҳәм МПЖ ларға халыққа қалыс жәрдем ретинде 195 мың түп ҳәр қыйлы терек нәллери жеткерип берилди. “Аққамыс” АПЖ аймағында 800 гектар жерге тоғай пайда етиў жумыслары әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Мәжилисте депутатлық топары ағзаларының есабат бойынша пикир-усыныслары тыңланып, бул бағдардағы жумысларды еле де жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.