Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Президентимиз тәрепинен белгиленген жеӊилликлерден утымлы пайдаланып атырған исбилерменлердиӊ жумысы менен жақыннан танысыў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын пресс-тур шѳлкемлестирилди.

Пресс-тур даўамында журналистлер дәслеп, Кегейли районында жумыс алып барып атырған «NUR QURILIS» ЖШЖ жумыслары менен жақыннан танысты.

Кәрхана директоры, исбилермен Әметов Мирман Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Киши бизнести раўажландырыўды материаллық ҳәм институциялық қоллап-куўатлаў илажлары ҳаққындағы» қарары тийкарында, жеӊиллетилген кредит алып, заманагѳй әсбап-үскенелер арқалы термотравертин ѳнимин ислеп шығара баслады.

― Жақында ғана Саўда-санаат палатасыныӊ әмелий жәрдеми тийкарында Қазақстан Республикасыныӊ Ақтаў қаласында шѳлкемлестирилген «Made in Uzbekistan. Industrial potential of Karakalpakstan» атамасындағы көргизбе-ярмаркасында белсене қатнасып қайттым. Илажда мен Қазақстанлы «IPSUM PLYUS» ЖШЖ менен биргеликте жәми 525 000 АҚШ доллары муғдарында шәртнама дүзиўге еристим. Исбилерменлерге жақыннан жәрдем берип атырған Саўда-санаат палатасына ѳз миннетдаршылығымды билдиремен,-дейди исбилермен М.Әметов.

Илаж даўамында гезектеги мәнзил Бозатаў районы болды.

Районда жайласқан «SULTAN SUPER SERVIS» ЖШЖ директоры, исбилермен Байрам Мамбетов Президентимиз тәрепинен  қабыл етилген ПФ-129-санлы пәрманы тийкарында 30 сотих жер майданын аукционсыз узақ мүддетке ижараға алды ҳәм ол жерге автомобильлерге газ қуйыў шақапшасын шѳлкемлестириў ушын қурылыс жумысларын баслап жиберди.

― Соӊғы жылларда Республикамызда соныӊ ишинде, Қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын Президентимиз тәрепинен айырықша жеӊилликлер белгилеп берилмекте. Атап айтқанда ҳәзирги ўақытта Президентимиз тәрепинен қабыл етилген ПҚ-213-санлы қарары негизинде 1 миллиард 350 мыӊ сум муғдарында жеӊиллетилген кредит алып, қурылыс жумысларын даўам етип атырмыз. Имканиятлардан үнемли пайдаланған ҳалда алдағы ўақытларда Бозатаў районының социаллық-экономикалық раўажланыўына ѳзлеримиздиӊ мүнәсип үлесимизди қосамыз,–дейди исбилермен Б.Мамбетов.

Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.