Президент Шавкат Мирзиёев социаллық қорғаў тараўындағы қосымша илажлардың презентациясы менен танысты.

«Өзбекстан – социаллық мәмлекет» принципи тийкарында мәмлекетимизде халықты қоллап-қуўатлаў, бул тараўда шараятларды жақсылаў ҳәм хызметлерди кеңейтиў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

Онда майыплығы бар шахсларға қолайлықлар жаратыў әҳмийетли ўазыйпалардан бири. Усы мақсетте майыплықты белгилеўде санласқан системаға өтиў усыныс етилмекте.

Оған бола, бул дәслеп Ташкент қаласы ҳәм Наўайы  ўәлаятында, 2025-жыл 1-сентябрьге шекем барлық аймақларда басқышпа-басқыш енгизиледи. Эксперт комиссияларына медициналық ҳүжжетлер шаңарақлық шыпакерлер тәрепинен электрон жибериледи. Баҳалаў Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң бейимлестирилген нормалары тийкарында «Инсан» орайларының хызметкерлери тәрепинен әмелге асырылады. Майыплықты белгилеў менен бир ўақытта оның реабилитация бағдарламасы ҳәм протезге мүтәжлиги бойынша мағлыўматлар қәлиплестириледи.

Енди эксперт комиссиялары тәрепинен кәсипке, билимлендириўге, спортқа усыныс бериў, мийнетке жарамлылықты белгилеў тәртиби бийкар етиледи. Бундай шахслар жумыс, спорт ҳәм билимлендириўге индивидуал көзқарас тийкарында бағдарланады.

Майыплығы болған шахслардың қәўипсиз ҳәм иркинишсиз ҳәрекетлениўи ушын шараятларды кеңейтиў де нәзерде тутылмақта. Сол себепли қурылатуғын ҳәм оңланатуғын имаратлар буған бейимлескени бойынша мәжбүрий экспертизадан өткериледи. «Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда» қорының кеминде 10 процент қаржысы ҳәр жылы кесилиспелерди майыплығы болған шахслар ушын бейимлестириў бойынша қурылыс ҳәм үскенелеўге қаратылады. Тосқынлықларсыз орталық жаратылған объектлердиң электрон интерактив картасы жаратылады.

Жәмийетлик транспорт бойынша тендерлерде тек ғана майыплығы болған шахсларға бейимлестирилген автобуслар қатнасыўы мүмкин болады. Қалалық жәмийетлик транспортта I топар майыплығы болған шахсларға бийпул хызмет көрсетиледи. Майыплығы болған шахсларды мәдений илажлар, кеўилашар тамаша ҳәм мәресимлерге тартыў бойынша әмелий илажлар көриледи.

Презентациядағы және бир усыныс Жәҳән банки қатнасыўындағы «Инсан» жойбары ҳаққында болды. Бул жойбар халықтың әззи қатламларын жәмийетке интеграциялаўға қаратылған болып, оның шеңберинде 55 көп функциялы аймақлық хызметлер орайы шөлкемлестириледи ҳәм 20 түрдеги социаллық хызмет жолға қойылады. Ташкент, Ферғана ҳәм Самарқандта 4 үлги инклюзив кәсип-өнер билимлендириў орайлары шөлкемлестириледи.

Бес мың хызметкердиң социаллық жумыс бойынша маманлығы арттырылады. Бейимлесиўшең социаллық хызмет ҳәм жәрдем бойынша нормативлик-ҳуқықый база қәлиплестириледи.

Тараўдағы және бир жаңалық «социаллық карта» системасының енгизилиўи болады. Бул арқалы социаллық төлемлер ҳәм субсидиялар, социаллық хызметкерлер ҳәм жәрдемлерди тайынлаў, усыныў, мониторинг етиў ҳәм баҳалаў процесслери толық автоматластырылады. «Социаллық карта» бир ўақыттың өзинде ҳәм төлем қуралы, ҳәм мүтәж категорияға тийисли тастыйықланыўы есапланады.

Бул тәртип дәслеп Ташкент қаласы ҳәм Янгийўл районында, кейинги жылда басқа да аймақларда енгизиледи. Нәтийжеде 72 түрдеги социаллық хызметлер, 76 түрдеги жәрдемлер ҳәм 200 ге шамалас жеңилликлер бирден-бир электрон системаға улыўмаластырылады. Қағаз тәризиндеги ҳүжжетлер бийкарланып, ўақыт ҳәм қаржы үнемленеди. Тараў толық санластырылыўы арқалы ҳәр бир шаңарақтың талаплары менен имканиятларын сәўлелендиретуғын «социаллық-санлы паспорты» енгизиледи.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда тийисли ҳүжжетлерди ислеп шығып, нәтийжели енгизиў, мүтәж инсанлардың өмирде өз орнын табыўына жәрдемлесиў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА