Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими көргизбелер сарайында белгили ҳәм талантлы жас художниклердиң дөретпелеринен ибарат болған «108-бурылма» деп аталған көргизбе ашылды. Бул ҳаққында ӨзАның хабаршысы Есимқан Қанаатов хабар бермекте.

– Көргизбениң бундай аталыўының себеби, көргизбеден орын алған дөретпелердиң көпшилиги абстракт ойлаў бағдарында исленген, художниклердиң дөретиўшилигиндеги бурылыс болса инсанды терең пикирлеўге бағдарлайды, – дейди көргизбе шөлкемлестириўшиси, художник Бахтияр Серекеев. – Және бир себеби, көргизбе сарайымыз Нөкистеги халықтың тили менен айтқанда «108-бурылма»ға жақын жерде жайласқан.

Көргизбениң тийкарғы мақсети миллий сүўретлеў өнериниң бай мийрасын ҳәм заманагөй сүўретлеў өнериниң табысларын кең жәмийетшиликке танытыў және жас қәбилет ийелерин қоллап-қуўатлаў болып есапланады.

Сондай-ақ, көргизбеден орын алған картиналар, белгили художниклер дөретиўшилигиниң жаңа қырларын ашып береди ҳәм дебютант дөретиўшилердиң дәслепки қәдемлеринен хабардар етеди.

Көргизбе бир ай даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги