Усы жыл 15-июнь ҳәм 4-июль күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Көкшетаў ўәлаятындағы Буўрабай балалар дем алыў орайында «Burabay Summer Fest»  атамасында жас өспирим талант ийелериниң халықаралық фестивалы өткерилди.

Фестиваль Қазақстан Республикасы Мәденият ҳәм спорт министрлиги ҳәм басқа да бир қатар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилип, Қазақстан Республикасының пайтахты Астана қаласының 20 жыллығына  бағышланды. Онда дүньяның бир қатар еллеринен 10 жастан 16 жасқа шекемги 400 ге шамалас жас өспиримлер академиялық, эстрадалық, классикалық бағдарларда ҳәм миллий әсбапта қосық атқарыў ҳәм басқа да бағдарлар бойынша талантларын көрсетти.

Бул фестивальға жерлесимиз,  пайтахтымыздағы 1-санлы Есжан бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы, 10  жастағы Ершад Әмирлан бақсышылық бағдары бойынша табыслы қатнасып (қарақалпақ халық қосықларын атқарып), екинши орынды ийелеп қайтты.

– Фестивальға Россиядан, Беларустан, Әзербайжаннан, Тайланд ҳәм Түркиядан теңлеслеримиз қатнасты. Көплеген дослар арттырдым, Астана қаласын көрип келдим, – дейди мақаламыз қаҳарманы.

Ершад Әмирлан 2008-жылы 2-февральда Нөкис қаласында туўылған. Ҳәзирги күнде бақсышылық өнери бойынша устазы, жас бақсы Ерисбай Асқаровтан бақсышылық өнери, әсиресе, устаз бақсылар Ақымбет, Есжан, Турғанбай ҳәм басқа да бақсылардың жолынан барып, олардың жолын даўам еттириўди алдына мақсет еткен. Келешекте Қарақалпақ халық дәстанлары үстинде жумыс алып барыўдай ийгиликли исти алдына қойған.

«Болар бала бес жасынан белгили», дегениндей Ершадтың қарақалпақ халық қосығы «Гәл-гәлайды» аламойнақ дуўтарды қолына алып, кәмине келтирип атқарып шыққанын көрип, оның талантына тәсийин қаласаң.

– Ондағы туўма талант  ата-бабаларымыз, атақлы Ақымбет бақсы менен аталас болған, сол тәрептен өткен болса керек. Сондай-ақ, оның Байназар дарымшы, Меңлибай бий, Қанаат болыс ҳәм басқа да  бабалары көркем өнерди жетик ийелеген инсанлар болған, – дейди Ершадтың әкеси, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының әдебий мәсләҳәтшиси Сейдин Әмирлан. Ол 7  жасында өзиниң қызығыўшылығын билдирип, дуўтаршылық дөгерегине қатнай баслады. Сондай-ақ, ол  үш жасынан баслап сүўрет салып, салған сүўретлери  балалар журналларында жәрияланды.

Е.Әмирлан бүгинги күнге шекем  республикалық көлемле өткерилип киятырған таңлаўларға белсене қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

Ол пайтахтымыздағы 34-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде тәлим-тәрбия алмақта.

Жас талант ийесине пәрўазың бәлентлей берсин, дегимиз келеди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы