Усы жылы 27-31-май күнлери Жәҳән банки миссиясының сапары шеңберинде Өзбекстан Орайлық банки дәслепки мәрте сырт мәмлекеттиң баҳалы қағазларына инвестиция киргизди. Бул ҳаққында Орайлық банк хабар берди.

«Миссия даўамында халықаралық резервлерди басқарыўда диверсификацияның әҳмийети, атап айтқанда, сырт мәмлекетлердиң баҳалы қағазларын резервлер қурамына киргизиў, қәўип-қәтерлерди баҳалаў ҳәм Орайлық банктиң тийисли структуралық бөлимлериниң жумыс процесин нәтийжели шөлкемлестириў бойынша арнаўлы тренинглер өткерилди. Атап айтқанда, баҳалы қағазларға инвестиция киргизиўде рисклерди басқарыў, саўда ҳәм есап-санақ әмелиятларын өткериў, бухгалтерия есабы ҳәм комплаенс-бақлаўды әмелге асырыў мәселелери бойынша тәжирийбе арттырылды»

Соның менен бирге, мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте Орайлық банк резервлерин диверсификациялаў мақсетинде баҳалы қағазларға басланғыш инвестиция киргизиў әмелиятлары өткерилди ҳәм тийисли портфельлер қәлиплестирилди», делинеди регулятор хабарында.

Миссия жуўмағында Жәҳән банки ғазнашылығы экспертлериниң халықаралық резервлерди басқарыў ҳәм тийисли структуралық бөлимлердиң жумысын жетилистириў бойынша усыныслары алынған. Сондай-ақ, резервлер қурамына жаңа қаржы инструментлерин киргизиўди даўам еттириў ҳәм Орайлық банк хызметкерлериниң тәжирийбесин арттырыўға байланыслы келешекте әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша келисимге ерисилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги