Алдын хабар бергенимиздей, Қазақстан Республикасы Қызылорда ўәлаятының ҳәкимлиги, ўәлаятлық жаслар сиясаты мәселелери басқармасының қоллап-қуўатлаўы менен «Қазақстан КВН» Аўқамы республикалық жаслар кеңеси бирлеспесиниң шөлкемлестириўинде Қызылорда қаласының 200 жыллығы мүнәсибети менен усы жылдың 28-июнь күни саат 18:00 де Н.Бекежанов атындағы мәденият үйинде Қызылорда ўәлаятының сыйлығына арналған «Киели мекен – Қызылорда» атамасындағы халықаралық дослық фестивалы өткерилди.
Илажға Қазақстанның ҳәр қыйлы аймақларынан, сондай-ақ, Түркменстан, Қырғызстан, Башқуртстан, Туркия ҳәм Қарақалпақстаннан қуўнақлар ҳәм зийреклер таңлаўына қатнасатуғын командалар қатнасады.
Қарақалпақстаннан қатнасқан «Туран» командасы өз шығыўлары менен тамашагойлер ҳәм төрешилердиң жоқары баҳаларын алыўға еристи.
Таңлаў жуўмағына муўапық, Қазақстан Республикасы Түркстан ўәлаятының «Миллион» командасы 1-орын, Қарақалпақстан Республикасынан қатнасқан «Туран» командасы 2-орын ҳәм Алматы қаласынан қатнасқан «Юсуф Мироғулының қарындаслары» командасы 3-орын жеңимпазы болды.
Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстаннан қатнасқан «Туран» командасы 2-орын ушын ажыратылған 300 000 теңге ақшалай сыйлыққа мүнәсип көрилди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.