Өзбекстан ҳәм Египет қатнасықларының тамыры узақ тарийхқа тақалады. Еки мәмлекет бир-бирин ғәрезсиз ҳәм халықаралық жәмийетшиликте тең ҳуқықлы ағза сыпатында тән алған. Бул мәмлекет республикамыздың Африка континентиндеги ең ири сиясий, экономикалық шериги. Өзбекстан да Египет ушын Орайлық Азия регионындағы күшли стратегиялық шерик.
Бүгинги күнде өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним принципине тийкарланған еки тәреплеме бирге ислесиў түрли бағдарларда жедел раўажланып атырғаны итибарға ылайық.
Еки мәмлекет басшылары Шавкат Мирзиёев ҳәм Абдул-Фаттоҳ Халил Ас-Сиси арасындағы өз-ара исеним улыўма саўда көлеминиң артыўы, инвестициялық шерикликтиң және де кеңейиўине тийкар жаратқанын атап өтиў орынлы.
– Қысқа мүддет ишинде қатнасықларымыз жаңаша көриниске ийе болды, – деди Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Дилшод Расулов. – 2023-жылдың ақырында еки тәреплеме саўда көлеми 54 процентке өсип, 47,9 миллион долларды, Египетке бағдарланған экспорт болса 25 миллион 602 мың долларды қурады. Елимизде Египет инвестициясының қатнасыўындағы кәрханалар саны да үзликсиз өсип, 29 ға жетти.
Товар айланысының көрсеткиши, биргеликтеги кәрханалардың жумысы ҳәр еки тәрептиң бизнес ўәкиллериниң бирге ислесиўге қызығыўшылығы жоқарылығынан дәрек береди. Соған қарамастан, бул бағдардағы потенциал еле толық ашылмаған, десек бийкарға емес.
Соны есапқа алған ҳалда, кеше 2-июнь күни ССПда «AN-Nasr International Trade» кәрханасының баслығы ҳәм Египет саўда министрлигиниң қатнасыўында Порт Саид қаласында биргеликте Саўда үйи ҳәм ўәкилхана, санаат кооперациясы орайын ашыў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылды.
Кейинги жылларда елимизде исбилерменликти раўажландырыў, атап айтқанда киши ҳәм орта бизнес субъектлериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, тосқынлықларды алып таслаўға қаратылған ашық-айдын экономикалық сиясат әмелге асырылмақта.
– Ҳақыйқатында да, мәмлекетлеримиздиң қатнасығы оғада беккем, – деди Египеттиң Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Амира Фаҳмий ханым. – Бизди байланыстырып турған бай тарийх бар. Президент Шавкат Мирзиёевтиң өткен жыл февральдағы Египетке сапары тарийхый ҳәм оғада табыслы болды. Буннан кейин көплеген исбилерменлер, жетекши компаниялар Өзбекстанға қызығып қалды. Усы жерде Египет Араб Республикасы Сенатының баслығы Абдулваҳоб Абдулрозиқ басшылығындағы делегацияның өткен ҳәптедеги сапары ҳәм мәмлекет басшысы менен ушырасыўын да еслеў орынлы. Парламентлераралық байланысты және де жеделлестириў, нызам шығарыўшы уйымларда дослық топарларын дүзиў, жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықы менен имканиятын кеңейтиў бойынша тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екени атап өтилди.
– Сырт ел инвестициясын кеңнен тартыў, өндирис қуўатлылықларын заманагөй технология тийкарында жәҳән стандартына бейимлестириў бүгинги күндеги тийкарғы ўазыйпалардан есапланады, – деди Өзбекстан бизнес ҳәм санаат тармақларын раўажландырыў кеңеси баслығының биринши орынбасары Нодир Мираҳимов. – Өзбекстандағы 22 – 12 санаат, 6 фармацевтика, 2 аўыл хожалығы ҳәм және 2 туризмге қәнигелескен Еркин экономикалық зонада исбилерменлер бир қатар салық ҳәм бажыхана төлемлеринен азат етилген. Нәтийжеде тоқымашылық, химия, металлургия, электротехника, қурылыс, былғары-аяқ-кийим санааты, аўыл хожалығы сыяқлы әҳмийетли тараўлар жедел раўажланбақта.
Атап айтқанда, тоқымашылық санааты бойынша кейинги 5 жыл ишинде ерисилген жетискенликлерди талласақ, алдын тийкарынан шийки зат ислеп шығарған елимиз дүнья жүзине сапалы таяр өним жеткерип бериўши мәмлекетке айланып атырғанына гүўа боламыз.
Ҳәзир Өзбекстан зергерлик тараўына жоқары дәрежеде итибар қаратып, усы бағдарда сырт мәмлекетлер менен бирге ислесиўди барған сайын беккемлемекте. Бизге белгили, Египет пал ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиў бойынша дүнья жүзинде жетекшилерден бири. Өзбекстанда да пал-ҳәррешилик ғалаба ен жайған. Сол себепли Египетли инвесторлар менен биргеликте жойбарлар жолға қойылып атыр, алдынғы компания басшылары елимизге мирәт етилип, перспективалы басламалар усынылмақта.
Өзбекстан ҳәм Египет және бир әҳмийетли бағдар – қурылыс материалларын ислеп шығарыўда да шериклик потенциалына ийе. Заманагөй қурылыс санааты Өзбекстан экономикасының жедел раўажланып атырған тармағы. Атап айтқанда, усы жылы бул тараўға капитал қойылма 900 миллион доллардан артыўы күтилмекте.
Египет Араб Республикасы экономиканың бир неше тараўы, соның ишинде, тоқымашылық, аўыл хожалығы, транспорт-логистика ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўда жетекши мәмлекетлер қатарында турады.
Конференция даўамында исбилерменлеримиз В2В илажларында жедел қатнасып, өз-ара саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысты күшейтиўге үлес қосатуғын бир қатар жойбарларды үйренди.
Илажда саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.
Муҳаррама Пирматова, Дониёр Якубов, Улуғбек Тўхтаев (фото, видео), ӨзА