Президент Шавкат Мирзиёев 31-май күни экономиканың түрли тармақларында әмелге асырылып атырған жойбарларды көзден өткериў, ири объектлердиӊ қурылысына старт бериў, мәҳәллелердиң турмысы менен танысыў ушын Бухара ўәлаятына барды.
Сапар қайырлы әмелден – Баҳаўддин Нақшбанд мақбарасы зыяратынан басланды. Қуран аятлары оқылып, халқымызға тынышлық-абаданлық тилеп пәтия етилди.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен комплекс және де абаданластырылып, тарийхый ҳақыйқат тикленбекте. Зыярат дәўиринде усы жумыслар көзден өткерилди.
Бәринен бурын, Тоқи миёна дәрўазасынан баратуғын тарийхый коридор тикленди. Енди зыяратшылар Баҳаўддин Нақшбанд мақбарасына сүннетке муўапық қубла тәрепинен жүрип барады.
– Жүз жыл ўайран болып жатқан бул дәрўазаны тиклегенимиз – өзликти аңлаў, тарийхқа ҳүрметимиздиң көриниси, – деди Шавкат Мирзиёев. – Енди бул жердеги ҳәр бир имаратқа, ханлардыӊ қәбирлерине битиклер жазып қойыў керек. Зыяратқа келгенлер қәдембе-қәдем тарийхты үйренип, руўхый күш алып өтсин.
Тоқи миёна дәрўазасының еки тәрепи бағқа айландырылған. Музей ҳәм тәҳәретхана қурылған. Жоқ болып баратырған Дониёлбий медресеси тикленбекте.
Илимпазлар менен сәўбетте Баҳаўддин Нақшбанд мийрасын терең үйрениў ҳаққында пикир алысылды. Сырт мәмлекетлерден дәреклерди алып келиў, илимий излениўлерди қоллап-қуўатлаў, музейди Имам Бухарий комплексиндей мазмун жағынан байытыў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, зыяратшылар, соның ишинде, сырт елли туристлер ушын қолайлықларды кеңейтиў, қысқа да, жазға да сәйкес шараятлар жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.
Жуўапкерлерге усыларды қамтып алған ҳалда, илимпазлардың усыныслары тийкарында қарар ислеп шығыў тапсырылды.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң Бухара ўәлаятына сапары алдында “Қаракөл” еркин экономикалық зонасында “Enpipe” кәрханасы иске түсирилди.
Улыўмалық баҳасы 58 миллион доллар болған жойбар толық сырт ел инвестициясы есабынан әмелге асырылды. Қытай, Түркия, Нидерландия ҳәм Испаниядан заманагөй үскенелер алып келип орнатылып, жылына 300 мың тонна металл қубырлар ислеп шығарыў шөллкемлестирилди.
Туўры жикли усылда таярланатуғын бул қубырлар жоқары басымға ҳәм сыртқы тәсирлерге шыдамлылығы менен ажыралып турады. Алдын бундай өнимлер, тийкарынан, сырт елден аалып келинетуғын еди. Тасыўда қубырлардың көлеми көп орын ийелегени ушын баҳасы да қымбатқа айланатуғын еди.
Енди түрли қалыңлықтағы металл лист түринде алын келинип, усы жерде таярланбақта. Буның нәтийжесинде өзине түсер баҳасы 25 процент арзанласты.
Газ-химия ҳәм таў-кән санааты, қурылыс ҳәм басқа тараўларда бундай шыдамлы қубырларға талап жоқары. Атап айтқанда, усы жерде қурылып атырған МТО газ-химия комплексинде де соннан пайдаланылады.
Кәрханада 400 ден аслам адам турақлы жумыс пенен тәмийинленди.
Мәмлекетимиз басшысына кәрхананың режелери, гезектеги басқышлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Бул жойбардың екинши басқышын әмелге асырыў ушын жумыслар баслап жиберилген. Онда басымға шыдамлы түрли көлемдеги резервуарлар ислеп шығарылады. Және 500 жаңа жумыс орны жаратылады.
Жойбар толық қуўатлылық пенен ислесе, 121 миллион долларлық өнимлер таярлаў имканияты туўылады. Кәрхананың экспорт потенциалы және де артады.
Мәмлекетимиз басшысы усы жерде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен сәўбетлести.
– Бүгин Бухараға келиўимизден мақсет 2 миллионнан аслам халықтың турмысын жақсылаў, дәрамат дәрегин жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў. Ўәлаяттың көп орынларында егин егиў ушын жердиң шорын жуўыў керек. Соның ушын биз көбирек санаатқа итибар берип атырмыз. Мине, усы заводты да не ушын қурдық? Бундай қубырларды алып келиў ушын көп пулымыз жолға кететуғын еди. Бүгин және жана имаратлардың қурылысын баслаймыз. Олардың әтирапында бир неше кәрханалар, жумыс орынлары пайда болады. Нәтийжеде адамлардың турақ жайына жақтылық, исеним ҳәм үмит киреди. Әне усы үмит бизлерди бирлестиреди, – деди Президент.
Ўәлаят санаатында “Қаракөл” еркин экономикалық зонасы және бир орын болады. Бул аймақ Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-августтағы тийисли қарарына тийкарланып шөлкемлестирилген. Оның улыўмалық майданы 566 гектар болып, 5 ири жойбар жайластырылған. Олар басқышпа-басқыш әмелге асырылып, жуўмағында үш мыңға шамалас жумыс орны жаратылыўы мөлшерленген.
Мәмлекетимиз басшысы Бухара ўәлаятының санаат көргизбеси ҳәм жаңа инвестиция жойбарлары менен танысты.
Санаат тармақларында ислеп шығарылып атырған өнимлер ҳәм режелестирилген жойбарлар үйлесикли түрде таныстырылды.
Көргизбеде ысытыў системалары ушын үлкен ҳәм киши қазанлар, аўыр ҳәм жеңил санаат ушын деталлар, түрли өлшем ҳәм қуўатлықтағы суўытқышлар, электротехника үскенелери, мотоцикльлер көзден өткерилди. Сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыўларды тәртипке салыў механизми көрсетилди.
Соңғы жети жылда ўәлаятта шама менен 4 миллиард долларлық инвестициялар тартылған. Олардың нәтийжесинде 90 мың жумыс орны ҳәм 1 миллиард 800 миллион долларлық экспорт имканияты жаратылған. Усы жылы ўәлаятта 1 миллиард 300 миллион долларлық 607 жойбар әмелге асырылмақта.
Бухара ўәлаятында сырт ел инвесторлары ҳәм жергиликли исбилерменлер тәрепинен улыўмалық баҳасы 14 миллиард долларлық 80 жойбар қәлиплестирилген. Соннан 4 миллиард долларлық 14 жойбарды инвесторлар ҳәм тармақ басшылары биргеликте таныстырды.
Жойбарларға Қытай, Россия, Түркия, Саудия Арабстаны, Ҳиндстан, Малайзия, Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлердиң компаниялары инвестиция киргизбекте. Жойбарлар қурылыс материаллары, электр техникасы, химия, тоқымашылық, азық-аўқат, фармацевтика, медицина, кәншилик, балықшылық ҳәм басқа тармақларды қамтып алған.
Мысалы, Қытай менен биргеликте Ғиждуван районында 600 МВтға тең самал электр станциясын қурыў, малайзиялы инвестор тәрепинен Пешку районында графит кәнин өзлестириў ҳәм электроскутерлер ушын аккумуляторлар ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, иранлы инвесторлар тәрепинен Бухара районында химия кластерин шөлкемлестириў жойбарларын әмелге асырыў режелестирилген.
Бул 80 жойбар иске қосылыўы нәтийжесинде 22 мың 200 ден аслам халық жумыс пенен тәмийинленеди.
Президентимиз қосымша қунлы өнимлерди ҳәм локализациялаўды көбейтиў, хызметлерди раўажландырыў бойынша қосымша көрсетпелер берди.
Мәмлекетимиз басшысы Қаракөл районында жәмийетшилик ўәкиллери менен сәўбетлести.
Бухаралы нуранийлер социаллық мәмлекет принципи тийкарында орынларда инсан мәплери тәмийнленип атырғанын айтты. Заманагөй мектеп ҳәм институтлар шөлкемлестирилип, балалардың тәлим-тәрбиясына имканиятлар кеңейтилмекте. Халықтың саламатлығы турақлы қадағалаўда.
Экономикалық-социаллық бағдарламалар нәтийжесинде районларға санаат кирип бармақта, мәҳәллелер абат болмақта. Исбилерменлик ҳәм өзин-өзи бәнт етиўге кең жол ашылған.
Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында экономикалық комплекс шөлкемлери кәмбағал шаңарақлар менен мәнзилли ислесип, олардың дәрамат табыўына жәрдемлеспекте. Кыйтақ жерден нәтийжели пайдаланылып атыр.
Булар мәмлекетимиздеги молшылық ҳәм абаданлық, социаллық орталықтың турақлылығын және де беккемлеп атырғаны атап өтилди. Нуранийлер Бухарада иске қосылып ҳәм қурылып атырған кәрханалардың халықтың бәнтлигиндеги әҳмийетин атап өтип, мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.
Мәмлекетимиз басшысының аймақларға сапары үлкен жойбарларға тийкар болатуғыны жақсы дәстүрге айланған. Бул сапары да усындай болды – Бухара ўәлаятында ири энергетика ҳәм транспорт комплекслериниң қурылысы басланды.
Мәмлекетимизде соңғы 5 жылда қайта ислеў санаатының көлеми 1,4 есеге көбейип, тек ғана өткен жылы 553 триллион сумды қурады. Бухарада болса бул көрсеткиш 1,6 есеге көбейип, 30 триллион сумға жетти.
Ўәлаятта 7 миллиард долларлық сырт ел инвестициялары есабынан 41 ҳәм және усынша баҳадағы 39 жергиликли жойбар бойынша жумыс алып барылмақта.
Енди және үш ири имарат – газ-химия комплекси, қуяш электр станциясы, Бухара халықаралық аэропорты қурылысы режелестирилген.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген мәресимде Президент Шавкат Мирзиёев усы жойбардың әҳмийети ҳаққында сөз етти.
Олардан бири “Қаракөл” еркин экономикалық зонасында қурылатуғын газ-химия комплекси болып табылады. Ол “мethanol to оlefins” (MTO) технологиясы тийкарында ислейтуғын мәмлекетимиздеги биринши завод болады.
Жойбар шеңберинде дерлик 5 миллиард доллар инвестиция тартылып, АҚШ, Германия, Дания, Австрия, Италия ҳәм Қытайдың ең алдынғы технологиялары алып келинип орнатылады. Бирден-бир комплекс шеңберинде жылына 1,3 миллиард метр куб тәбийғый газ ҳәм 430 мың тонна нафта қайта исленип, елимиз ҳәм дүнья базарында талап жоқары болған 1,1 миллион тонна полимер өнимлери ислеп шығарылады. Есап-санақларға бола, бундай өнимлер газдиң баҳасына салыстырмалы 5 есеге көп қосымша қун береди.
Жаңа заводта 2 мың адам жумыс пенен тәмийинленеди. Сондай-ақ, ол қурылыс, тоқымашылық, былғары аяқ кийим, автомобиль қурылысы, электротехника ҳәм басқа түрлес тараўларда онлаған кәрханалар, және 4 мың жумыс орны ашылыўына түртки болады.
Усы жойбарлардыӊ иске қосылыўы нәтийжесинде Бухарада тек туризм емес, ал санаат та ҳақыйқый “драйвер”ге айланады.
Экономиканыӊ турақлы өсиўи электр энергиясына болған талапты жылына орташа 6 процентке арртырмақта. Соныӊ ушын орынларда жаӊа генерация қуўатлары қурылып барылмақта.
Соӊғы жыллары 2 миллиард доллар сырт ел инвестициялары есабынан қуўатлығы 2 гигаваттлы 10 қуяш ҳәм самал электр станциясы тармаққа жалғанды. Бүгинги күнде сырт елли шериклер менен баҳасы 19 миллиард долларлық 18,3 гигаваттлы 32 “жасыл” генерация қуўатлықлары қурылмақта.
Быйылғы жылдыӊ өзинде 14 қуяш ҳәм самал станциясыныӊ дәслепки 2,6 гигаватты тармаққа жалғанды. Нәтийжеде елимизде ислеп шығарылатуғын жәми қуўатлықта альтернатив энергия үлеси 9 проценттен 15 процентке көбейди. Улыўма, 2030-жылға шекем бул көрсеткишти 40 процентке жеткериў мақсет етилген.
Онда, әлбетте, қуяшлы Бухара айрықша орын ийелейди. Ҳәзирги күнде ўәлаятта дерлик 4,5 миллиард доллар сырт ел инвестициялары есабынан қуўатлығы 4 гигаваттлы 9 ири жойбар әмелге асырылмақта.
Енди олардыӊ қатарына Бирлескен Араб Әмирликлериниӊ “Masdar” компаниясы тәрепинен қурылатуғын 250 гигаваттлы қуяш электр станциясы да қосылады. Бул жойбар ушын Алат районынан 648 гектар жер ажыратылған. Станция 2025-жылы декабрьде бирден-бир электр тармағына жалғаныўы режелестирилген.
Буннан тысқары, Бухара ўәлаятында Саудия Арабстаныныӊ “ACWA Power”, Қытайдыӊ “Gezhouba” компаниялары тәрепинен де альтернатив энергия комплекслери қурылмақта. 2030-жылға барып ўәлаяттағы қуўатлықлар 9 есеге көбейип, жылына 12,5 миллиард киловатт саат “жасыл” энергия ислеп шығарылады.
Старттағы және бир жойбар- жаӊа халықаралық аэропорт.
Мәмлекетимиздиӊ ашықлық сиясаты нәтийжесинде дүнья менен байланыслар жеделлести. Өзбекстанда 90 нан аслам мәмлекет пуқаралары ушын визасыз режим енгизилди.
Булардыӊ нәтийжесинде елимизге келиўшилер көбейди. Соӊғы 2 жылда хызметлер экспортыныӊ 40 проценти туризм тараўына туўра келген. 283 мийманхана, 486 хостел, 1,2 мыӊ шаӊарақлық мийманхана үйи қурылған. Туризм ағымы 35 процентке көбейген.
Атап айтқанда, тек ғана 2023-жылы Бухараға 1 миллиаон 400 мыӊға шамалас сырт елли туристлер келген.
Усы сыяқлы факторлар ўәлаят халықаралық аэропортында пәрўазлардыӊ санын көбейтиўди талап етпекте. Соныӊ ушын жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында Бухара районында жаӊа халықаралық аэропорт қурыў нәзерде тутылған.
226 миллион долларлық бул жойбардыӊ шеӊберинде дүнья стандартларына сәйкес аэропорт инфраструктурасы шөлкемлестириледи. Саатына 1 мыӊ 200 жолаўшыға хызмет көрсетиў имканияты жаратылады. Жолаўшы ҳәм хаўа кемелерине сервис сапасын арттырыў арқалы жаӊа халықаралық авиакомпаниялары тартылады.
Президент Шавкат Мирзиёев символикалық түймени басып, усы комплекслердиӊ қурылысын баслап берди.
Усы жерде Бухара ўәлаятында қурылысы режелестирилген комплекслер, атап айтқанда, жаӊа аэропорт жойбары таныстырылды.
Мәмлекетимиз басшысы Қаракөл районындағы “Жаӊа Өзбекстан” массивин барып көрди.
Аймақта алдын буншелли кеӊ көлемли қурылыс болмаған еди. Мәмлекетимиз басшысыныӊ 2021-жыл 13-августтағы қарарына муўапық “Қаракөл” еркин экономикалық зонасы шөлкемлестирилгенинен кейин санаат жедел пәтлерге кирди. Ондағы заводларда келешектеги мыӊлаған адамлар жумыс пенен тәмиийнленеди. Қалаберди, елимиздиӊ басқа аймақларынан да қәнигелер келип жумыс ислейди. Оларға қолайлық, шаӊарақларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў мақсетинде бул экономикалық зонаныӊ қасында жаӊа массив қурылмақта.
Жойбар еки басқышлы болып, 1 мыӊ 380 квартиралы 71 көп қабатлы турақ жай, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, мәҳәлле орайы ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниӊ қурылысы нәзерде тутылған.
Ҳәзирги биринши басқышта 12 көп қабатлы турақ жай, мектеп, балалар бақшасы, поликлиника пайдаланыўға тапсырылды.
Президентимиз усы жерде мәҳәлле ўәкиллери менен сәўбетлести.
– Мәҳәлледе “жетилик” пикирлес ҳәм татыў болса, жумыссызлық, жынаят болмайды. Буныӊ ушын оларда жетерли ўәкиллик бар. Жуўапкер шөлкемлерди тартып, адамлардыӊ дәрамат табыўына жәрдем бериў керек. Мектепте билимлендириўдиӊ сапасынан хабардар болыў, питкериўшилерди жоқары билимлендириўге, дәраматлы өнерлерге бағдарлаў зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Әтирапты, жолдыӊ бойларын абаданластырыў бойынша көрсетпелер берилди. Келешекте аймақта дем алыў парки ҳәм жүзиў бассейнлери шөлкемлестириледи. Бос майданларға тереклер егилип, қыябанға айландырылады.
Президент Шавкат Мирзиёев Қаракөл районында жаӊа жойбар тийкарында тәмийинленген автомобиль жолын көзден өткерди.
Бухара ўәлаятында 15 мыӊ 400 километр автомобиль жоллары бар. Соннан 486 километри халықаралық әҳмийетке ийе. Оларда күнине орташа 45-50 мыӊ транспорт қураллары ҳәрекетленеди. Усы жылы 29-январьда өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы бул тараўға айрықша тоқтап, жолларды сапалы қурыў, көшелердиӊ бойында хызметлерди раўажландырыў бойынша көрсетпелер берген еди. Бул бағдарда барлық аймақларда жумыслар баслап жиберилген.
Атап айтқанда, Самарқанд – Бухара – Түркменбашы автомобиль жолыныӊ Қаракөл районынан өткен бир бөлеги үлги түрине келтирилген. Жойбарға бола, 4 кесилиспели жол жаӊаша қатламлы асфальт-бетон менен қапланған. Онда беккемлиги жоқары инновациялық материаллардан пайдаланылғаны себепли жолдыӊ сапасы артқан. Мысалы, ҳәзирги дәстүрий асфальт жоллар он бес жыл әтирапында қайта қурылса, жаӊа жойбар бойынша жигирма жылға шекем хызмет етеди. Оларды ағымдағы оӊлаў аралығы да узаяды. Және бир нәтийжели тәрепи, оӊлаў процесинде жол қатламларын усы жердиӊ өзинде қайта ислеп, жаӊалаў мүмкин болады.
Мәмлекетимиз басшысы халықтыӊ мәплерине қаратылған бундай жумыслары кеӊейтиў зәрүрлигин атап өтти.
– Тийкарғы ўазыйпа – жолларда сапа ҳәм мәдениятты тәмиийнлеў, – деди Шавкат Мирзиёев.
Жаӊа жойбарда бул мәселе де инабатқа алынған. Жолдыӊ сапасын сақлаў мақсетинде, нормадан артық жүк тасыўшы транспорт қуралларыныӊ салмақ параметрлерин ўақты-ўақты менен өлшейтуғын көшпели тәрези қойылады.
Сондай-ақ, бул жерде қаптал шақапша жол да қурылған. Жаӊа белгилер, электрон табло ҳәм қуяш панельли жақтыландырыў шырақлары орнатылған. Жол бойынша саяманлы терек нәллери егилген.
Президентимиз бул жақларына айрықша тоқтап, терек егиў жол қурылысы менен бирге алып барылыўы шәрт екенин атап өтти.
Усы жерде транспорт ҳәм қурылыс жойбарлары таныстырылды.
Бухара ўәлаятында бул бағдардағы режелер көп. Алдын бир жылда орташа 250-300 километр жол жумыслары орынланған болса, тек ғана 2023-жылы 1 мыӊ 255 километр жоллар оӊланған. Быйыл аймақ бойынша 1 мыӊ 316 километр жолды реконструкциялаў ҳәм оӊлаў режелестирилген.
Усылардыӊ даўамы ретинде Ғиждуван районынан Түркменстан шегарасына шекем 155 километр жолды реконструкциялаў жойбары мақулланды.
Жол қурылысы тараўында кадрлар таярлаў, қәнигелердиӊ раўажланған мәмлекетлерде маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў кереклиги атап өтилди.
Бухара қаласын раўажландырыў концепциясы да көрип шығылды. Оған бола, қалада “Жаӊа Өзбекстан” массиви ҳәм паркиниӊ қурылысы режелестирилген. Паркте Бухара тарийхы заманагөй көзқараслар тийкарында сәўлелендирилиўи нәзерде тутылған Бул жойбардыӊ идеялық мазмуны ҳәм техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берилди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ Бухара ўәлаятына сапары даўам етпекте.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Зариф КОМИЛОВ,
ӨзА хабаршылары