Иран Ислам Республикасы Президенти Иброҳим Раисий суў имаратын қурыў бойынша Әзербайжан Республикасы менен биргеликте әмелге асырылған биргеликтеги жойбардың ашылыў мәресиминен қайтып киятырған ўақытта мәмлекеттиң Сыртқы ислер министри Ҳусайн Амир Абдуллоҳиён ҳәм олар менен бирге болған басқа да рәсмий шахслар менен бирге авиаапатшылыққа ушырап, қайтыс болған еди.

Президент Шавкат Мирзиёев кеўил билдириў хатын жоллап: «Президент Иброҳим Раисий Иранның жедел раўажланыўы, мәмлекет халқының абаданлығы ҳәм халықаралық майдандағы абырайын ҳәр тәреплеме арттырыў жолында бийбаҳа ис-ҳәрекетлерди әмелге асырып киятырған, Ўатанының ҳақыйқый пидәкер перзенти, өз халқының шексиз ҳүрметине ийе болған белгили мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткери еди. Өзбекстан ҳәм Иран арасында кең көлемли бирге ислесиўди, өз-ара пайдалы ҳәм узақ мүддетли шериклик қатнасықларын раўажландырыўға үлкен үлес қосқан әзиз достымыздың жарқын естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады», деп атап өткен еди.

Иран Ислам Республикасының Өзбекстан Республикасындағы елшиханасы Өзбекстан ҳүкимети ҳәм халқының кеўил билдиргени ушын миннетдаршылық билдирди.

«Иран ҳәм Өзбекстан басшыларының кейинги қысқа ўақыт ишинде төрт рет ушырасқаны еки ортадағы дослықтың айқын үлгиси болды. Бул болса өз гезегинде еки басшы – марҳум президент уллы мәртебели Иброҳим Раисий ҳәм ҳүрметли уллы мәртебели Шавкат Мирзиёевтиң табыслы мәмлекетлик басқарыўы, данышпанлығы, кеңпейиллиги ҳәм өз-ара дос болғаны ҳәм олардың өз-ара мәплерин жүзеге шығарыў жолында ҳәрекетлерди әмелге асырғанын көрсетеди.

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёев, мәмлекет басшысының басқа да ўәкиллери, министрликлер ҳәм уйымлар, кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң басшылары ҳәм Өзбекстан жәмийетшилиги және халқының түрли топарларының ўәкиллери Иран Ислам Республикасының Ташкенттеги елшиханасына жеке келип, кеўил билдириў дәптерине жазыў қалдырғаны ҳәм кеўил билдиргени сол уллы шейитлер руўхларының шад болыўына ҳәм басына мине, усындай аўыр күнлер түсип, қайғыға батқан Иран халқының тәселли табыўына себеп болды», делинеди елшихананың хатында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги