Президент Шавкат Мирзиёев 29-май күни “Асакабанк” ҳәм Бизнести раўажландырыў банкиниң инвестиция жумысы, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаўға байланыслы презентациясы  менен танысты.

Мәмлекетимизде инвестиция процесслери жедел, экономикалық жойбарлар бир талай көп. Соған сәйкес түрде банклердиң ондағы қатнасыўы артып, инвестициялық жумысы кеңейип бармақта.

Презентацияда “Асакабанк” ҳәм Бизнести раўажландырыў банкиниң усы бағдардағы быйылғы жылғы режелери көрип шығылды.

Атап айтқанда, “Асакабанк” быйыл жойбарларға 2,1 миллиард доллар қаратып, оларды толық өзлестириўди мақсет етип қойған. Буннан тысқары, фармацевтика ҳәм автомобиль санаатында жәми 3 миллиард долларлық жойбарлар қәлиплестирилген.

Сондай-ақ, “Асакабанк”тиң қатнасыўында 285 мың халықтың бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў арқалы олардың исбилерменлик жумысын жолға қойыў мөлшерленген.

Бизнести раўажландырыў банкиниң презентациясына бола, 2024-жылы исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарламалары ҳәм инвестиция жойбарларына жәми 1,5 миллиард доллар қаратылады. Соннан 225 миллион доллары халықаралық қаржы институтларынан алып келинеди. Бул қаржыларды өзлестириў арқалы жыл ақырына шекем жәми 47 мыңнан аслам микрожойбарлар әмелге асырылады.

Сондай-ақ, халықтың бизнес идеяларын қаржыландырыў арқалы 380 мың өзин-өзи бәнт еткен шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлердиң жумысын жолға қойыў режелестирилген. Банктиң оқытыў бағдарламалары менен 70 мыңнан аслам халықты қамтып алыў белгиленген.

Мәмлекетимиздиң жедел сыртқы сиясаты нәтийжесинде бирге ислесиўши мәмлекетлер ҳәм халықаралық структуралар менен көплеген келисимлерге ерисилди. Атап айтқанда, “Асакабанк”тиң қатнасыўында 772 миллион  долларлық 87, Бизнести раўадландырыў банки тәрепинен 485 миллион долларлық 45 инвестициялық жойбар әмелге асырылады.

Презентацияда усы әҳмийетли жойбарлардың барысы ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Мәмлекетимиз басшысы банклер барлық қарыйдарлар менен мәнзилли ислесип, жойбардың ҳәр бир басқышында жәрдемлесиў зәрүрлигин, буның нәтийжесинде жаңа жумыс орынларының жаратылыўы ҳәм мәҳәллелерде кәмбағаллықтың қысқарыўында өз көринисин табыўы керек екени атап өтилди.

Банклер өзиниң жумысын жаңаша шөлкемлестирип, тек кредит ажырататуғын орай емес, ал өзи перспективалы жойбарларды әмелге асыратуғын ҳәм оларды таяр бизнес ретинде исбилерменлерге усыныс ететуғын заманагөй инвестициялық-коммерциялық структураға айланыўы мақсетке муўапықлығы атап өтилди.

Презентацияда киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў процесслерин санластырыў ҳәм олардың ашық-айдынлығын және де арттырыў, заманагөй программалық шешимлер ҳәм инновацияларды енгизиўге менен байланыслы мәселелер де көрип шығылды.

ӨзА