Кеше Бирлескен Араб Әмирликлериниң пайтахты Абу-Даби қаласында өткерилип атырған дзюдо бойынша 37-жәҳән чемпионатында қарақалпақстанлы палўан Шарофиддин Балтабаев қола медалы ушын кореялы Жун Ҳван Ли менен беллесиўге түсти.
Бирақ, тилекке қарсы бул ушырасыўда Шарофиддин өз қарсыласына жеңилип қалды ҳәм чемпионатты бесинши орын менен жуўмақлады. Палўанымыз жәҳән чемпионатындағы бул қатнасыўы арқалы Париж-2024 Олимпиадасы ушын 720 рейтинг упайын қолға киргизиўге еристи.
Ал, бүгин болса, Өзбекстан сайланды командасы -70 кг салмақта Шоҳиста Назарова ҳәм Гулноза Матниязова, -78 кг да Ирисхон Қурбонбоева, -90 кг да Давлат Бобоновлар беллесиўлерге түседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги