Елликқала районындағы Амфитеатрда “Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги” жарысы районлық басқышыныӊ жеӊимпазларын сыйлықлаў мәресими ҳәм гала концерт болып өтти.

Онда секторлардыӊ басшылары, жаслар ҳәм кеӊ жәмийетшилик ўәкиллери, спорт жанкүйерлери қатнасты.

Илажда район ҳәкими В.Ниязымбетов шығып сөйлеп, мәмлекетимизде денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, халықты, соныӊ ишинде, жасларды ғалабалық спортқа тартыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Мәмлекетимизде ҳәр жылы өткериў дәстүрге айланып баратырған “Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги” жарысын усылар қатарында атап өтиў мүмкин.

Барлық аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан қатнасқан жарыс жуўмағында  футбол бойынша Гүлистан аўыл пуқаралар жыйыны, мини футбол бойынша ер балалар арасында Бостан мәкан пуқаралар жыйыны, қызлар арасында Ақ алтын мәкан пуқаралар жыйыны командалары биринши орынларды ийелеп, Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.

Жеӊимпазларға ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды.

Илаж гала концерт пенен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги