Қазақстан Республикасында спорттың бокс түринен 22 жасқа шекемги жаслар арасында Азия чемпионаты болып өткен еди.

Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан, республикамыздың спортшы қызларынан 66 кг салмақта Айсәнем Сарўарова гүмис медал,  60 кг салмақта Рахима Бекниязова қола медалын жеңип алыўға ерискен еди.

Жақында усы спортшыларымыз Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында күтип алынды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Спорт министриниң орынбасары Азамат Қалбаев спортшылар ҳәм олардың тренерлерин қолға киргизген табысы менен қутлықлап, алдағы ўақытлары олардың буннан да жақсы нәтийжелерге ерисе бериўине тилеклеслик билдирди ҳәм оларға министрлик атынан естелик саўғаларын тапсырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги