Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында “15 май – Халықаралық шаӊарақ күни” мүнәсибети менен “Биз – спортшы шаӊарақпыз” жарысы өткерилди.

Онда филиал ҳәм техникумныӊ профессор-оқытыўшылары менен хызметкерлери, Гүлзар мәкан пуқаралар жыйыны турғынларыныӊ шаӊарақлары қатнасты.

Жарыстыӊ ашылыўында филиал директоры А.Есимбетов шығып сөйлеп, бәршени халық аралық шаӊарақ күни менен қутлықлады ҳәм қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Атап өтилгениндей, жарысты өткериўден тийкарғы мақсет, оқыў орынлары ҳәм аймақ турғынларыныӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериўди шөлкемлестириў, оларды ғалабалық спортқа тартыў арқалы саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўдан ибарат.

Қатнасыўшылар бес шәрт бойынша беллести. Байрам алдынан бахытлы шаӊарақлар арасында өткерилген жарыс жуўмағында жеӊимпазлар анықланды. Техникум атынан қатнасқан Әлимбетовлар  шаӊарағы биринши, филиалдыӊ “Ҳайўанатлар анатомиясы, физиологиясы ва биохимиясы” кафедрасынан қатнасқан  Примбетовлар шаӊарағы екинши орынды ийелеген болса, тьютор Мамбетниязовтыӊ шаӊарағына үшинши орын несип етти.

Жеӊимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги