Елимизде 26-июнь-Халықаралық нәшебентликке қарсы гүресиў күни  мүнәсибети менен, булл иллеттиңаўыр ақыбетлери, оның алдын алыў ҳаққында кең көлемли илажлар өткериў дәстүрге айланған.

Пайтахтымыздағы Амфитеатрда өткерилген «Биз нәшебентликке қарсымыз» атамасындағы  қайырқомлық концерт бағдарламасы да усындай илажлардың биринен болды.

Оған белгили көркем өнер ғайраткерлери, мәденият ўәкиллер, спортшылар, жоқары оқыў орынларының студент-жаслары, кәрхана ҳәм шөлкемлерде жумыс ислейтуғын  жаслар қатнасты.

Онда белгили қосық аткарыўшылар ҳәм театр актёрлары өз шығыўында нәшебентликтиң аянышлы ақыбетлерин сәўлелендиретуғын қосық және сахналық дөретпелерин илаж қатнасыўшыларының нәзерине усынды.

Ал, «Бәркамал әўлад», «Спорт-спорт», «Биз жаслар», «Биз бахытлы балалар», «Халқымыздың жигитлери» атамасындағы композициялардағәрезсиз елимиз жасларыныңерискен табыслары, оларға жаратылған имканиятлар туўралы сөз етилди.

 

Қарақалпақтан хабар агентлиги