Өзбекстан Жазыўшылар аўқамында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Т.Жумамуратов туўылғанының 103 жыллығына бағышланған әдебий әнжуман өткерилди, деп хабар берди «Ijod.uz»  сайты.

Әнжуманға Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшылары менен шайырлары, шайырдың шаңарақ ағзалары, шәкиртлери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының биринши орынбасары Минҳожиддин Мирзо, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Кеңесбай Кәримов ҳәм басқалар Т.Жумамуратовтың әдебиятымыздағы теңи-тайы жоқ потенциалы, ҳәр қыйлы шөлкем, редакция ҳәм баспалардағы пидәкерлик мийнети, миллий әдебиятымыздың раўажланыўындағы жарқын дөретиўшилик искерлиги туўралы кең түрде сөз етти.

Т. Жумамуратов өзбек, рус, қазақ ҳәм басқа да түркий тиллерден қарақалпақ тилине классикалық шығармаларды аўдарыўда өзиниң мүнәсип үлесин қосқан шебер аўдармашы сыпатында да әўладлар ядында мәңги жасайды. Оның шайыр сыпатында қалдырған әдебий мийрасы жас әўладты ўатансүйиўшилик, елге садықлық руўхында тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе. Ол қарақалпақ әдебиятында ең дәслепки қосық пенен жазылған романның авторы.

Әнжуманда жас дөретиўшилер оның шығармаларынан үзиндилер оқып берди. Илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.