Усы жыл 28-aпрель күни Нөкис қаласында “Жаӊа нәпес” ғалабалық жуўырыў марафоны болып өтти.

Онда республикамыздың кәрхана, мәкеме, шөлкемлеринен, оқыў орынларынан, ҳуқық қорғаў уйымларынан, пуқаралар жыйынларынан белсенди пуқаралар ҳәм имканияты шекленген шахслар қатнасты.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларыныӊ мәмлекетлик гимнлери жаӊлады.

Илаждыӊ ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Б.Отемуратов шығып сөйлеп, елимизде халықтыӊ денсаўлығын беккемлеў, оларды ғалабалық спортқа тартыў бағдарында алып барылып атырған кеӊ көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Буннан кейин қатнасыўшыларға жарыстыӊ тәртиби бойынша қысқаша түсиник берилип, марафон азанғы 06:00 старт берилди. Онда 7 жастан 70 жасқа шекемги 7 мыӊнан аслам қатнасыўшы 3 километр аралыққа жуўырды.

Жарыс жуўмағында ер балалар арасында Рашидбек Искендеров биринши, Нодирбек Халилаев екинши, Aзамат Оразбаев үшинши, қызлар арасында Мадина Орынбаева биринши, Динара Азатова екинши, Анастасия Сологуб үшинши орынларды ийеледи. Сондай-ақ имканияты шекленген ер балалар арасында Нурсултан Сарыбаев, қызлар арасында Maлика Есеналиева финишге биринши болып келди.


–Ғалабалық жуўырыў жарысына қызығыўшылық артып бармақта,– дейди Мадина Орынбаева. – Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниӊ 32 жыллығына бағышлап өткерилген жарыста екинши орынды ийелеген болсам, бул жарысқа жақсы таярлықлар менен келип биринши орынды алдым. Халқымыз арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўда бундай жарыслар айрықша әҳмийетке ийе.

Жарыс қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлериниӊ концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги