Кеше Таиландта футзал бойынша Азия кубогиниң 3-орын ушын болған ушырасыў болып өтти.
Онда ярым финалда Иранға пенальтилер сериясында жеңилип қалған Өзбекстан сайланды командасы быйылғы жылы өзиниң әжайып ойынлары менен чемпионатта сенсация жаратқан Тәжикстан сайланды командасына қарсы майданға түсти.
Кескин ҳүжимлер менен басланған ойынның 2-минутында командамыз ағзасы Илҳам Ҳамраев есапты ашыўға еристи. 5-минутта болса, Элбек Тўлқинов есапты 2:0 ге жеткерди.
Ушырасыўдың 10-минутында тәжикстанлы Самандар Ризомов Өзбекстан дәрўазасына гол урып есапты қысқартқан болса, 22-минутта Камрон Алиев және бир мәрте дәрўазамызға гол урыўға миясар болды.
Буннан кейин еки команда да гезекпе-гезек 3 мәртеден қарсыласлар дәрўазасын анық нышанға алды.
Соңынан белгиленген қағыйдаға муўапық ойынға қосымша таймлар қосып берилди ҳәм онда да есап өзгерместен қалды. Ал, төрешилер тәрепинен белгиленген пенальтилер сериясында болса, Өзбекстан сайланды командасы Тәжикстанды 3:2 есабында жеңип шығып, жарыстың қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги