Усы жылдың 28-апрель күни мәмлекетимиздиң 15 қаласында “Бир ўатанда, бир ўақытта, бирдей аралыққа,бир мақсетте – бирге жуўырамыз” сүрени астында “Жаңа нәпес” жуўырыў жарысы болып өтеди.
Усы мүнәсибет пенен Нөкисте ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлар ушын баспасөз конференциясы болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң бөлим баслығы И.Қудияров, ϴзбекстан Жеңил атлетика федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң атқарыўшы директоры Т.Арзыбековлар жарыстың өткерилиў тәртиби ҳәм көрилип атырған таярлық жумыслары менен таныстырды.
Атап өтилгениндей, ғалабалық жуўырыў марафонының қәўипсизлигин тәмийинлеў, жарыс даўамында транспорт қуралларының ҳәрекетин шеклеў, старт ҳәм финиш орынлары белгиленип, қатнасыўшылар ушын 3 мың дана спорт формасы таярланды. 28-апрель күни таңғы саат 06.00 де басланатуғын жарыс қатнасыўшылары ϴзбекстан гүзары көшесинен 3 километр аралыққа жуўырады. Жарыста жоқары оқыў орынларынан, улыўма билим бериў мектеплеринен, ҳуқық қорғаў уйымларынан, Арқа-батыс әскерий округинен, пуқаралар жыйынларынан 7100 ден аслам қатнасыўшының қатнасыўы күтилмекте. Жарысты 26 төреши бақлап барса, 25 волонтёр жақыннан жәрдем береди.
Жарыс жеңимпазлары ϴзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары байрақлары орнатылған майданда сыйлықланады. Сыйлы орын ийелерине ҳәм 25 номинация бойынша жеңимпазларға саўғалар тапсырылады. Мәденият хызметкерлериниң концерт бағдарламасы, әскерий хызметкерлердиң көргизбели шығыўлары болады.
Илаж соңында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги