ДСМ тәрепинен ислеп шығылған нызам жойбарына бола, Өзбекстанда электрон сигареталар ҳәм темекини қыздырыў системалары (IQOS) на қатнасын қадаған етиў нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, бул өнимлердиӊ айланысын қадаған етиўге байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Ҳүжжетте айтылыўынша, мектеплердиӊ жоқары класс оқыўшылары арасында электрон сигареталарға қызығыўшылық тез пәтлерде артпақта, атап айтқанда, 26,6 мыӊ ул балалар ҳәм 8,6 мыӊ қыз балалар шегиўге бейим.

Мектеп ҳәм жәмийетлик орынларда өткерилген рейдлерде оқыўшылардан алынған электрон сигареталардыӊ саны жылдан-жылға барған сайын көбейип бармақта. 2019-жылы 6 жағдай, 2020-жылы – 27, 2021-жылы – 31, 2022-жылы – 856, 2023-жылы – 1040 анықланған.

Егер зәрүр шаралар көрилмесе, келешекте жас әўладтыӊ ҳәр бесиншиси (20 проценти) никотинге бойсынып қалыўдан азап шегеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги