Өзбекстан ҳәм Грузия арасында саўда көрсеткишлери ҳәм бирге ислесиў жойбарларыныӊ саны артып бармақта. Оны 2023-жылы товар алмасыў көлеми 23 процентке артқаны да тастыйықлайды.

Грузия парламенти баслығы Шалва Папуашвили басшылығындағы делегацияныӊ Ташкентте Өзбекстан нызамшылық ҳәм атқарыў ҳәкимияты басшылары менен ушырасыўында бул көрсеткишти және де арттырыў жоллары додаланды. Атап айтқанда, Олий Мажлис Сенаты баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда еки мәмлекеттиӊ бар потенциал ҳәм имканиятларын иске қосыў, транспорт-логистика, банк-қаржы, туризм сыяқлы бағдарларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир алысылды, деп хабар берди жоқары палата баспасөз хызмети.

Еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеӊейтиў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў, парламентлераралық қатнасықларды жаӊа басқышқа алып шығыў мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиў барасында халықларды бир-бирине жақынластырыўда мәдений-гуманитарлық байланысларды жеделлестириўге де итибар қаратылды. Өзбекстан ҳәм Грузия халықларын дәстүрий беккем дослық қатнасықлары байланстырып турыўы, мәдений илажлардыӊ тез-тез өткерилиўи руўхы ҳәм дәстүрлери тәрепинен жүдә жақын халықлар қатнасықларын раўажландырыўға хызмет етиўи атап өтилди.

Еки мәмлекет арасында ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлердиӊ турмысқа енгизилиўинде парламентлер арасында турақлы байланыс та үлкен әҳмийетке ийе.

Сөйлесиўлер жуўмағында гендер теӊлиги, аймақлар арасындағы байланысларды беккемлеў, халықаралық шөлкемлер шеӊберинде бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алынды.

Өзбекстан бас министри Абдулла Арипов ҳәм Грузия парламенти баслығы ушырасыўында еки тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеў ушын барлық имканиятлар бар екени атап өтилди.

Алдын хабар берилгениндей, 2023-жылы июль айында Өзбекстан бас министри Абдулла Арипов Тбилисиде Грузия ҳүкимети басшысы менен ушырасқан еди. Сапар жуўмағында еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша 2023-2024-жылларға мөлшерленген Ҳәрекет бағдарламасына қол қойылған.

2022-жылы июль айында болса Грузия бас министри Ираклий Гарибашвили мәмлекетимизде мийман болған, жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев қабыл еткен еди.

Өзбекстан сыртқы ислер министрлигиниӊ мағлыўматына бола, Грузия мәмлекетимиздиӊ әҳмийетли сыртқы саўда бирге ислесиўшилеринен бири. Еки мәмлекет арасында дипломатиялық қатнасықлар 1994-жылы 19-августта орнатылған. Өзбекстан ҳәм Грузия арасында 87 ден аслам еки тәреплеме ҳүжжетке қол қойылған, деп мәлимлеме береди хабар.уз

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги