Өзбекстанныӊ Швециядағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Нодир Ғаниев Стокгольм қаласы кеӊеси баслығы Олле Бурелл ҳәм Стокгольм бизнес аймағы (Stockholm Business Region) бас директоры ўазыйпасын атқарыўшы Каролин Странд ханым менен ушырасты, деп хабар бермекте елшихана баспасөз хызмети.

– Биз еки тәрепти қызықтырған көпелеген мәселелерди додаладық, – дейди елши Н.Ғаниев. – Мысалы, ҳәкимшилик реформалар ҳәм нәтийжели басқарыўдыӊ алдынғы тәжирийбелерин үйрениў, инновациялық ҳәм экологиялық таза технологияларды енгизиў, әсиресе, шығындыларды басқарыў ҳәм қайта тикленетуғын энергия, қалаларды бирлестириў жойбарларында қатнасыў, Өзбекстан мәденияты, көркем өнери ҳәм миллий тағамларын үгит-нәсиятлаў, усылар қатарына киреди.

Сөйлесиў барасында Өзбекстан ҳәм Швеция исбилерменлик субъектлери арасында тиккелей байланыслар орнатыў мәселеси де көрип шығылды.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА