Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев 15-июнь күни Ташкент қаласындағы Өзбекстан ислам цивилизациясы орайының қурылыс майданына барып, имараттың рәмзий тырнағын қойды.
Усы илаж елимизде Рамазан ҳайытының белгиленип атырған уллы күнлеринде өткерилгенинде терең рәмзий мәни бар. Президентимиз Шавкат Мирзиёев соңғы бир ярым жыл ишинде халқымыздың миллий-диний қәдириятларын тиклеў, ағартыўшылық исламды раўажландырыў, уллы бабаларымыздың динимиз пәклигин тәмийинлеўге қосқан үлкен үлесин кең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша көплеген басламаларды илгери сүрди.
Мәмлекетимиз басшысы БМШ минберинен турып исламның дүнья көлеминдеги орнына, бабаларымыздың динимизди раўажландырыўға қосқан үлесине жоқары баҳа берди және «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» деп аталған арнаўлы резолюцияны қабыл етиў усынысын алға қойды. Самарқандта Имам Бухарий атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайы, Ташкентте Ислам цивилизациясы орайы шөлкемлестирилди, дин мәселесиндеги жаўызлыққа шек қойыўды нәзерде тутатуғын «Жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық» сүрени енгизилгени Өзбекстанның диний кеңпейиллик тараўындағы басламаларының анық белгиси сыпатында дүнья жәмийетшилигинде үлкен қызығыўшылық оятты.
Буннан бир жыл бурын – 2017-жыл 15-июньде елимиз турмысында биринши мәрте имам-хатиблер менен өткерилген ушырасыўда Шавкат Мирзиёев муқәддес динимиздиң пәклигин сақлаў мәселеси жәмийетте саламат орталықты беккемлеў, жаслар тәрбиясы, тыныш-татыў турмысымызды тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти екенин атап өтип, бул бойынша зәрүр ўазыйпаларды белгилеп берген еди.
Өткен дәўирде усы бағдарда избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Елимизде руўхый орталықты сақлаў, дин жолында адасқан пуқараларды саламат турмысқа қайтырыў бойынша кең көлемли жумыслар орынланды. Өзбекстан Ислам академиясы, Мир Араб жоқары медресеси ҳәм басқа да ислам билимлендириў мәкемелери шөлкемлестирилди.
Бүгинги күнде Ислам цивилизациясы орайы дүньядағы 20 дан аслам тап усындай орайлар менен байланыслар орнатты. Соның ишинде, Оксфорд ислам изертлеўлери орайы, Түркиядағы бир қатар илимий-изертлеў институтлары, Стамбулдағы Топқапы музейи, Франция ислам орайы, Париждеги Лувр музейи, Санкт-Петербургтағы Эрмитаж мәмлекетлик музейи ҳәм басқа да бир қатар жетекши орайлар менен бирге ислесиў орнатылып, бул бойынша 7 меморандумға қол қойылды. Орайдың китапханасы қәлиплестирилмекте. Бүгинге шекем оған 400 ден аслам бийбаҳа қолжазбалар сатып алынды, Ўатанласларымыз өзлериндеги ески қолжазбаларды тапсырмақта. Бул халқымыздың ийман-исенимине, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылыққа умытылыўынан, жақсы ҳәм саўаплы жумысларға бас қосып атырғанынан дәрек болып табылады.
Күни кеше ШБШның Циндао саммитинде қабыл етилген ШБШ мәмлекет басшыларының Жасларға биргеликтеги мүрәжаты да Өзбекстанның басламасы болып табылады.
Мәмлекетимиз басшысы илажға жыйналған диний уламаларды ҳәм барлық ўатанласларымызды Рамазан ҳайыты менен қутлықлап, усындай уллы әййям күнлеринде орай қурылысының басланып атырғаны негизинде жақсы нийет, терең мәни-мазмун бар екенин атап өтти.
Бул орайды қурыўдан мақсет ислам ағартыўшылығы, уллы бабаларымыздың бай мийрасын бәринен бурын халқымызға, дүнья жәмийетшилигине жеткериўден ибарат. Бул ушын уллы бабаларымыздың мийрасына өзимиз мүнәсип болыўымыз, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиўимиз зәрүр. Баслаған барлық ис-ҳәрекетлеримиз жаслардың тәлим-тәрбиясына, халқымыздың тынышылық-абаданлығына, айдын келешегине тийкар жаратады, деди Президентимиз.
Усы орайдың концепциясында уллы алымларымыздың мийрасын халқымызға, әсиресе, жасларға жеткериў идеясы терең сәўлеленген. Үш қабатлы имараттың жойбарынан китапхана, қағаз ҳәм жазыў тарийхы, бабаларымыздың ислам динине, илимниң раўажланыўына қосқан үлеси, көркем өнер, билимлендириў, қала қурылысы ҳәм архитектуралық, дәстүр ҳәм үрп-әдетлер, Усман Қураны сыяқлы заллар орын алған.
Бул жерге келиўшилер дәслеп бабаларымыздың хаттотлық, архитекторлық, көркем өнер ҳәм мәденият тараўларында ерискен табыслары, дәстүр ҳәм үрп-әдетлери ҳаққында гүрриң ететуғын китаплар ҳәм бийбаҳа затлар менен танысады, бабаларымздың пәк ислам ағартыўшылығынан кеўли толады. Имарат тарийхы сондай сызылған, бир залды көрмей турып басқасына өтип кете алмайсыз – үзликсизлик тәмийинленеди. Ең ақырында, екинши қабаттағы Усман Қураны турған залға киргенде тәсирлениўлер артып, нурға, ағартыўшылыққа айланады.
Президентимиз өткен жылы 1-сентябрь күни Ҳәзирети Имам комплексине барып Ислам цивилизациясы орайын усы ески комплекс жанында қурыў бойынша тапсырмалар берген еди. Соған бола, бул жерден он гектарға шамалас орын ажыратылды. Ең заманагөй архитектуралық тәжирийбелер тийкарында пуқта жойбар ислеп шығылды.
Жойбар бойынша орай имаратының порталы Самарқандтағы Улығбек медресесине уқсас етип қурылады, жоқары бөлими гүмбез болады. Усман Қураны турған тийкарғы залдың өлшеми 46х46 метр квадратты, гүмбезден баслап Қуран турған орынға шекемги аралық 54 метрди қурайды. Имарат сондай-ақ, мәлимлеме ресурс орайы, илимий кафедралар, конференция залы, хызмет бөлмелери ҳәм басқа да объектлерди өз ишине алады.
Президентимиз Өзбекстан мусылманлары мәкемеси басшылары, дин ғайраткерлери, мәҳәлле белсендилери, архитекорлар менен пикирлесиўде усы имаратты уллы бабаларымыз даналығы ҳәм зәкаўаты, халқымыздың руўхый потенциалына сай саўлатлы етип қурыў, оны жаслар ушын үлкен тәрбия мектеби, сырт елли туристлер ушын мүқәддес зыярат орнына айландырыў, жергиликли ҳәм сырт елли изертлеўшилерине зәрүр шараятларды жаратыў зәрүрлигин атап өтти.
Жәмийетимизде саламат руўхый орталықты беккемлеў, ҳәр қыйлы ҳәрекетлердиң алдын алыў, адасқанларды әпиў етиў, имам-хатиблердиң маманлығын арттырыў, жаслар тәрбиясына итибарды күшейтиў бойынша усыныслар берилди.
Матназар ЭЛМУРОДОВ,
ӨзА