Елимиз бойлап алып барылып атырған «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде быйылғы жылда республика бойлап 120 млннан аслам түп декоратив ҳәм мийўе нәллерин егиў, сондай-ақ 444 жасыл бағлар шөлкемлестириў белгиленген.

Әмелге асырылып атырған «Жасыл мәкан» жойбарына  Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясының қәнигелери де  белсене қатнасып келмекте.  Атап айтқанда, Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Шоманай районлық Кеңеси тәрепинен райондағы кәсип-өнер мектебинде көклемзарластырыў ушын арналған жерге мийўели ҳәм декоратив нәллери егилди.


Бундай ийгиликли ислерде  партия депутатлары менен белсендилери, сондай-ақ, мектеп жәмәәти ҳәм жаслар қанаты ағзалары да қатнаспақта.

Даўам етип атырған бул жойбар бәршемиздиң қоршап турған орталықты қорғаўға, жасыл майданларды көбейтиўге, ана диярымызға болған дықкат- итибарымызды артырады.

Амангул Есемуратова, Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси

баспасөз хаткери