1993-жыл 9-апрель күни қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына бүгин 31 жыл толмақта.

Сәне мүнәсибети менен Хожели районынында  байрам илажы өткерилди. Оған район ҳәкими Ж.Ермашев, сектор, райондағы мәкеме ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.  Байрам илажында Конституция инсан мәпи, оның ҳуқықлары менен еркинликлерин, ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын тәмийинлеўши ең әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет екенлиги атап өтилди.



Илаж даўамында районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарамасы қойып берилип, кең түрде белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги