Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз!» сүрени астында байрам илажы болып өтти.

Оған республикамызда жайласқан жоқары оқыў орынларының ректор ҳәм директорлары, филиалдың профессор-оқытыўшылары, студент-жаслары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Байрам кешесин филиал директоры, профессор Б.Еримбетов кирис сөз бенен ашып, жыйналғанларды шығыс халықларыниң жыл басы есапланған, жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы –Наўрыз бенен филиалдың мийнет жәмәәти атынан қызғын қутлықлады.

Соң филиал ҳәм республикамыздағы жоқары оқыў орынларының студентлери ҳәм көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.


Сондай-ақ, байрам сейили қатнасыўшылары миллий тағамлар көргизбеси ҳәм спорт жарысларын тамашалап мәдений дем алды.

Спорт жарысында жеңимпаз болғанлар филиал ҳәкимшилиги тәрепинен естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги